ҚАЙДАСАҢ? (QAYDASAŃ?)
Ығбал тилеп әўел бастан,
Қайырхомлық болып жастан,
Күндей күлип, кеўил қосқан,
Ўәдесин берген, қайдасаң?
Өмир гүлим, кеўил тоғым,
Жүрегиме салған шоғым,
Көрмей сөнбес жанған отым,
Қәдирданым, сен қайдасаң?
Сен ушын гездим дүньяны,
Зийўардың болмай паяны,
Тахат етпей шыбын жаны,
Жүректиң гилти қайдасаң?
Шығалмадым шуғыл сөзден,
Ғайып болып кеттиң көзден,
Душпан қуўды сизди бизден,
Кеўлимниң хошы қайдасаң?
Гириян болып ғәрип гезген,
Орыс, қазақ қалмай бизден,
Елге келип хабар сезген,
Интизарым, сен қайдасаң?
Ҳәр мухамға атың дөнип,
Лаўлап жанған отың сенип,
Қара жерге жемтик болып,
Дийдарсыз кеткен қайдасаң?
Аллаға сыйынып мәзи,
Шәриятты бузып қазы,
Көриспесек бол разы,
Рухы мазарым қайдасаң?
Қайырхомлық болып жастан,
Күндей күлип, кеўил қосқан,
Ўәдесин берген, қайдасаң?
Өмир гүлим, кеўил тоғым,
Жүрегиме салған шоғым,
Көрмей сөнбес жанған отым,
Қәдирданым, сен қайдасаң?
Сен ушын гездим дүньяны,
Зийўардың болмай паяны,
Тахат етпей шыбын жаны,
Жүректиң гилти қайдасаң?
Шығалмадым шуғыл сөзден,
Ғайып болып кеттиң көзден,
Душпан қуўды сизди бизден,
Кеўлимниң хошы қайдасаң?
Гириян болып ғәрип гезген,
Орыс, қазақ қалмай бизден,
Елге келип хабар сезген,
Интизарым, сен қайдасаң?
Ҳәр мухамға атың дөнип,
Лаўлап жанған отың сенип,
Қара жерге жемтик болып,
Дийдарсыз кеткен қайдасаң?
Аллаға сыйынып мәзи,
Шәриятты бузып қазы,
Көриспесек бол разы,
Рухы мазарым қайдасаң?
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЙУРСЕҢ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ӨТЕРСЕҢ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: