Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЙУРСЕҢ (YURSEŃ)

Ая ғапыл бул дүньяны,
Бағы-бостан дия йурсең,
Урт етип зиян гүнаны,
Ҳақ ҳәмирин қоя йурсең.

Лаҳатке кирсең екки малек,
Сеннен саўал сорап билмек,
Жаўабын берсен жекме-жек,
Айшы-ҳәшрет көре йурсең.

Ҳақтың ҳәмирини тутпайын,
Өз кәсибиңнен пәк қылмайын,
Илими таўсипти сезмейин,
Мен ҳәм қулман дея йурсең.

Айтыў-майрам гөзлегенин,
Тойда жуўап излегенин,
Ғийбат сөзди сөзлегенин,
Ғийбат зинадин сөзлеме.

Ада бермесин жуўабын,
Көрерсең гөрниң азабын,
Шекип жүз мың әлем дағын,
Азапларын көре йурсең.

Ая ғапыл Ҳәжиниязы,
Дайым гезерсең қысы-жазы,
Руза тутмай, пәнж намазы,
Сен ҳәм қулман дие йурсен.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БАРДЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚАЙДАСАҢ?
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.