ӨТЕРСЕҢ (ÓTERSEŃ)
Бул дүньяда ашылмаса ықбалың,
Әрман билен жылай-жылай өтерсең,
Бир келмесе әброй алар заманың,
Әрман билен бул дүньядан өтерсең.
Қара түн түнерсе, қабағын үйип,
Аўырың жанып, азабына иш күйип,
Қорыққаныңнан сәлем берип ийилип,
Әрман билен қайғыланып өтерсең.
Муратқа ақыры бир күн жетерсең,
Мақсет пенен тынбай талап етерең,
Бақ келмесе жылай-жылай кетерсең,
Мәқсет питпей әрман билен өтерсең.
Келген бәле жаман, елиңнен бөлек,
Мысалы үстиңе жығылған терек,
Өмириң болса бахыт керек, бақ керек,
Бақ болмаса әрман билен өтерсең.
Журт сораған патша әдил болмаса,
Қазы, рәйис туўра саўал алмаса,
Айтқан ўәде ықрарында турмаса,
Бул дүньядан әрман билен өтерсең.
Кәпирдиң кәпири болған моллалар,
Тилиниң ушынан өтирик аллалар,
Өзини молла деп садақа алар,
Соны көрип әрман билен өтерсең.
Көп айтыўға қосықты да ҳал керек,
Ҳәзлик керек, мәслик керек, мал керек,
Кәтқудаға туўры соқпақ жол керек,
Жол болмаса, әрман билен етерсең.
Баярың мийнетке ҳақы бермесе,
Жылағанда көз жасыңды көрмесе,
Рәҳәтиң аз, мийнетиң көп демесе,
Ҳақы алалмай әрман билен өтерсең.
Қараңғыда турған жақтыға инкар,
Менде жазған торға түскен бир суңқар,
Неге болдым бул залымға гүнәкәр, –
Деп қыйланып әрман билен өтерсең.
Гүнәкәр биз емес, бизден басқалар,
Жол таўып жүре алмас қара қасқалар,
Мен табалмай жүрмен жардан жасқалар,
Әрман билен бул дүньядан өтерсең.
Байымбеттиң инсанлыққа саны жоқ,
Онда ҳүрмет етер аға ини жоқ,
Оған рәҳмет айтар қәўендери жоқ,
Оны көрип әрман билен өтерсең.
Халқым билер дәртимди ҳәм өзимдп,
Еситкенлер тыңла айтқан сөзимди,
Ғаплет жумдырып тур мениң көзимди,
Әрман билән сен де Зийўар өтерсең.
Ким болады мениң пушты панайым,
Душпанға Зийўәрди берме ылайым,
Ашылмаса менин ығбал талайым,
Әрман билән Зийўәр сенде өтерсең.
Әрман билен жылай-жылай өтерсең,
Бир келмесе әброй алар заманың,
Әрман билен бул дүньядан өтерсең.
Қара түн түнерсе, қабағын үйип,
Аўырың жанып, азабына иш күйип,
Қорыққаныңнан сәлем берип ийилип,
Әрман билен қайғыланып өтерсең.
Муратқа ақыры бир күн жетерсең,
Мақсет пенен тынбай талап етерең,
Бақ келмесе жылай-жылай кетерсең,
Мәқсет питпей әрман билен өтерсең.
Келген бәле жаман, елиңнен бөлек,
Мысалы үстиңе жығылған терек,
Өмириң болса бахыт керек, бақ керек,
Бақ болмаса әрман билен өтерсең.
Журт сораған патша әдил болмаса,
Қазы, рәйис туўра саўал алмаса,
Айтқан ўәде ықрарында турмаса,
Бул дүньядан әрман билен өтерсең.
Кәпирдиң кәпири болған моллалар,
Тилиниң ушынан өтирик аллалар,
Өзини молла деп садақа алар,
Соны көрип әрман билен өтерсең.
Көп айтыўға қосықты да ҳал керек,
Ҳәзлик керек, мәслик керек, мал керек,
Кәтқудаға туўры соқпақ жол керек,
Жол болмаса, әрман билен етерсең.
Баярың мийнетке ҳақы бермесе,
Жылағанда көз жасыңды көрмесе,
Рәҳәтиң аз, мийнетиң көп демесе,
Ҳақы алалмай әрман билен өтерсең.
Қараңғыда турған жақтыға инкар,
Менде жазған торға түскен бир суңқар,
Неге болдым бул залымға гүнәкәр, –
Деп қыйланып әрман билен өтерсең.
Гүнәкәр биз емес, бизден басқалар,
Жол таўып жүре алмас қара қасқалар,
Мен табалмай жүрмен жардан жасқалар,
Әрман билен бул дүньядан өтерсең.
Байымбеттиң инсанлыққа саны жоқ,
Онда ҳүрмет етер аға ини жоқ,
Оған рәҳмет айтар қәўендери жоқ,
Оны көрип әрман билен өтерсең.
Халқым билер дәртимди ҳәм өзимдп,
Еситкенлер тыңла айтқан сөзимди,
Ғаплет жумдырып тур мениң көзимди,
Әрман билән сен де Зийўар өтерсең.
Ким болады мениң пушты панайым,
Душпанға Зийўәрди берме ылайым,
Ашылмаса менин ығбал талайым,
Әрман билән Зийўәр сенде өтерсең.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚАЙДАСАҢ?
Алдынғы бөлимге қайтыў: ӘРМАНИЙ ДҮНЬЯ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: