Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ӘРМАНИЙ ДҮНЬЯ (ÁRMANÍY DÚNYa)

Бу дүньяда шады-хоррам болмадым,
Қалдың йүрәгимдә, әрманий дүнья,
Айшыў-иширәт, заўқы-сапа сүрмәдим,
Қалдың йүрәгимдә, әрманий дүнья.

Кийерге сарпай йоқ, минәргә ат йоқ,
Аспанға ушарға мендә қанат йоқ,
Шырмалып ятарға бир пәрийзат йоқ,
Йүрәк баўрым тилдиң, әрманий дүнья.

Мал-дүньяны қуўсам, ол мени күтмәс,
Биринә йетсә де, биринә йетмәс,
Бул дүньяның иси өлгәншә питмәс,
Қалдың йүрәгимдә, әрманий дүнья,

Бир нешәни алтын таққа миндирип,
Бирнешәниң жанған отын сөндирип,
Ләйли киби ышқы отына күйдирип,
Мени Мәжнүн еттиң, әрманий дүнья.

Мен бир пинҳан жайда мәкән тутайын,
Аҳ дарийғ деп менде шунда йатайын,
Зийўар айтар, қайсы бирин айтайын,
Бир күн гөрге салар, әрманий дүнья.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӨТЕРСЕҢ
Алдынғы бөлимге қайтыў: КӨЗЛЕРИМ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.