КӨЗЛЕРИМ (KÓZLERÍM)
Ҳақ мени инсан жараттың, нәў бәҳәрим көзлерим,
Анша бағлар сәйир еткен, гүлиўзарым көзлерим,
Мақсудум барынша гездим, ықтыярым көзлерим,
Тәннен соңра барадур, сақла мазарым көзлерим,
Истеген йерге йеткерген, илгир нәзерим, көзлерим.
Енди сеннен айрылып, не кешар ҳалым мениң,
Дигир-дашым бәнт болып, батыл болур йолым мениң,
Қаўмы-қардашым танымай, жат болур елим мениң,
Еккиси кем еллиге келип, қайтты ығбалым мениң,
Әлўидағлап кеттиң меннен, ҳәрне барым, көзлерим.
Йелдей болып өтти өмирим, бир саат дәўран екен,
Тәндадур яшлықта өтти, көңил оған мәкан екен,
Дүньяға бел байлағанның ақыр түби ойран екеп,
Неше мын жыл жасаса ҳәм ақыры әрман екен,
Жаз күним өтип, қыс жетти, интизарым, көзлерим.
Оным-он бешимде гездим қыс күнлеримди жаз етип,
Жигирма бес, отызымда сөзлер айттым саз етип,
Бүлбилдек уштым ҳаўаға шарқ урып пәрўаз етип,
Лашындек йелдим, йүкирдим, дәўирлер ҳәм наз етип,
Гүлбәҳәрим ганжим, ғәзийнем, нәўбәҳәрим, кезлерим.
Еки кем еллиге келдим, қурысын жасым мениң,
Сонша дәртке қайыл болған, қаттыдур басым мениң,
Арзыў-әрман билән алған қәне йолдашым мениң,
Яқшыны еске түширген аҳыў-зар башым мениң,
Әлўидағлап кеттиң меннен, ҳәр не барым, көзлерим.

Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӘРМАНИЙ ДҮНЬЯ
Алдынғы бөлимге қайтыў: БИЛМЕДИМ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: