БИЛМЕДИМ (BÍLMEDÍM)
Кеттим елден көп күн болды, яранлар,
Ата-ана хабарыны билмедим.
Жат жердемен бес жыл болды, яранлар,
Ата-ана дийдарыны көрмедим.
Хабар жоқ елимнен адам келмейди,
Не ҳалда екеним ҳешким билмейди,
Шақалақлап қатарларым күлмейди,
Не бир ҳалат болғаныны билмедим.
Елимизде не бир ғошшақ нар қалды,
Шадлық емес, қайғы-ҳәсирет зар қалды,
Келерме деп ашық-дилбар яр қалды,
Анын хабарыны ҳешбир билмедим.
Әй Зийўар сөзиңни қойғыл қысқартып,
Аҳ урып, жат елде қайғылар етип,
Көремиз бе, көрмеймиз бе биз қайтып,
Шул ислерниң илажыны билмедим
Ата-ана хабарыны билмедим.
Жат жердемен бес жыл болды, яранлар,
Ата-ана дийдарыны көрмедим.
Хабар жоқ елимнен адам келмейди,
Не ҳалда екеним ҳешким билмейди,
Шақалақлап қатарларым күлмейди,
Не бир ҳалат болғаныны билмедим.
Елимизде не бир ғошшақ нар қалды,
Шадлық емес, қайғы-ҳәсирет зар қалды,
Келерме деп ашық-дилбар яр қалды,
Анын хабарыны ҳешбир билмедим.
Әй Зийўар сөзиңни қойғыл қысқартып,
Аҳ урып, жат елде қайғылар етип,
Көремиз бе, көрмеймиз бе биз қайтып,
Шул ислерниң илажыны билмедим
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КӨЗЛЕРИМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЯРАНЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: