Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЙОҚТЫ (YOQTI)

Сөзле ҳа, бүлбил зибаным,
Еки келүр заман йоқты,
Кетер бир күн шийрин жаным,
Бу сәзимде гүман йоқты.

Жан бир гүлдүр солур олсә,
Әзрайылдың хабар келсә,
Жаның тәниңдиң айрылса,
Андын башқа яман йоқты.

Кимлер ашық болып өтти,
Кимлер мақсуўдына йетти,
Қара ер бәршесин йутты,
Ялған дүнья қоян йоқты.

Өзиң билән ҳәм қыз-жаўан,
Ойнап күлип сүрер дәўран,
Бәршә бул дүньяға меҳман,
Тири йүрәр заман йоқты.

Қыз-йигитлер өзин биләр,
Ялғаншыда дәўран сүрәр,
Аман кетмәс, бәри өлүр,
Бү сөзимдә гүман йоқты.

Мен әйләсәм бир-бир баян,
Паний ермиш ошбу жаҳан.
Искендер Рустәму дәстан,
Ол ҳәм тири йурән йоқты,

Дүньяны йығнаған Қарун,
Бир өзи болып саҳып дүн,
Аны ҳәм йер йутты бир күн,
Зиндан дүнья қоян йоқты.

Ким анадан ялғыз туғса,
Меҳрибан ғамхор йоқ болса,
Алған яры яман болса,
Андын башқа зыян йоқты.

Яман олса зүриядың,
Шықмас дүньяда ҳеш адың,
Болмас ҳасла көңил шадың,
Бул сөзимдә гүман йоқты.

Қашан болса дәўлетиңиз,
Кетер иззет ҳүрметиңиз,
Билгил, артар мийнетиңиз,
Шындур сөзим ялан йоқты.

Йигитлер, күлип шад олың,
Ушбу сөзге қулақ салың,
Мәстиў-хуррам болып күлиң,
Ҳеш ким мундай болан йоқты.

Өтти Юсип ҳәм Зүлайха,
Ҳүрий, ғулманыў Мәлийкә,
Аңа ашық болан Ҳәмра,
Бәри тири йүрән йоқты.

Ақтым дәрьядек жош урып,
Сөз үстине сөз ашурып,
Шүкир ҳаққа қол қаўшурып,
Бу көңлимде әрман йоқты.

Әзиз айтур кешә-күндиз,
Асмандадур айы-йулдыз,
Сәйид Әлий өзи гүл йуз,
Андын нәрсе қалан йоқты.

Көңлимдә ғам, дәрди әләм,
Сөзләсәм шықар дәмбәдәм,
Мәңа сөздиң башқа игәм,
Ҳешнәмәрсә берән йоқты.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӨЗ ЎАҚТЫМДЫ ХОШ ЕТЕРМЕН
Алдынғы бөлимге қайтыў: КӨРИҢ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.