ӨЗ ЎАҚТЫМДЫ ХОШ ЕТЕРМЕН (ÓZ WAQTIMDI XOSh ETERMEN)
Бир яр көринсе көзиме,
Аны көрип хош етермен,
Ғаным маған қарсы келсе,
Басын кесип, лаш етермен.
Қулақ салың бул сөзиме,
Жаманды илмей көзиме,
Бир яқшы ярды өзиме,
Аны ҳәм йолдаш етермен.
Сәҳәр жуўдырып басыны,
Таза өрдирип шашыны,
Қуда берсе он бешини,
Бәршесин сырдаш етермен.
Ҳаял өзини билмесе,
Билгенниң тилин алмаса,
Оңдырып исин қылмаса,
Аны ошаққа тас етермен.
Сыртымыздан бизди саўса.
Беллерини беккем буўса,
Сәўер ярдан хабар келсе,
Мен оған йүриш етермен.
Кетермен дүньядан қайтып,
Табалмадым көп зар етип,
Ашық пенен ғәззел айтып,
Өз ўақтымды хош етермен.
Зийўар айтар әрман қалды,
Яр деп өмирим ада болды,
Бул ислерди қуда қылды,
Жүргил ҳақыйқат жол менен.
Аны көрип хош етермен,
Ғаным маған қарсы келсе,
Басын кесип, лаш етермен.
Қулақ салың бул сөзиме,
Жаманды илмей көзиме,
Бир яқшы ярды өзиме,
Аны ҳәм йолдаш етермен.
Сәҳәр жуўдырып басыны,
Таза өрдирип шашыны,
Қуда берсе он бешини,
Бәршесин сырдаш етермен.
Ҳаял өзини билмесе,
Билгенниң тилин алмаса,
Оңдырып исин қылмаса,
Аны ошаққа тас етермен.
Сыртымыздан бизди саўса.
Беллерини беккем буўса,
Сәўер ярдан хабар келсе,
Мен оған йүриш етермен.
Кетермен дүньядан қайтып,
Табалмадым көп зар етип,
Ашық пенен ғәззел айтып,
Өз ўақтымды хош етермен.
Зийўар айтар әрман қалды,
Яр деп өмирим ада болды,
Бул ислерди қуда қылды,
Жүргил ҳақыйқат жол менен.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЯРАНЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЙОҚТЫ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: