Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

КӨРИҢ (KÓRÍŃ)

Молла Зийўар той-тамаша қылай деп,
Сәренжәм шайысын тутышын көриң,
Мурат етип, журт жәбдисин йығай деп
Ойыншы сазенде йығышын көриң.

Бир күни бәзим етип, Қоныратқа барып,
Қантыў-набат және тахта чай алып,
Қоңырат яраныны тойға шақырып,
Тиркиў-қашқашны алышын көриң.

Атыны миниўбан әйләйип ылғал,
Келди Қәллибектиң үйине филҳал,
Кеўлинде Зийўардың болмай қыйлы-қал,
Ялғыздың ол үйде ятышын көриң.

Кирпиги төкилип, мурны иймейип,
"Күйеў мениң сарпай пулым бер", – дейип,
Сол қыздың сәўкеле либасын кийип,
Бадбәшар ғырнақтың келишин көриң.

Ҳәммеси жәм болып келип қаладан,
Қызын излеп таппай майдан, арадан,
Ахырында дөҳмет пенен жаладан,
Келип күйеўини тутышын көриң.

Молла Зийўар билән молла Мәдемин,
Бири қызын излеп, бири ҳәм зәнин,
Тусақлашып бул еккиси бир-бирин,
Ўәйисбай алдына барышын көриң.

– Ант мендин, жан мендин, гүўа ҳәм мендин,
Үмийдим көп ерүр, бай аға, сендин,
Алған пулың ҳалал ана сүтийдин, –
Дебан көз яшыны төкишин көриң.

Қутлымурат Ўәйисбайға дад етип,
Болған ҳәдийсени бир-бир нақыл етип,
Сөзин мақул етип, бир-бир тыңлатып,
Ялғанды-ялғандын айтышын көриң.

"Жәбир ситәм бул Зийўардан жетти" – деп
"Төзе билмәй қызым суўға кетти" – деп,
"Өлтирдим деп өзи ықрар етти" – деп,
Ялғандын кәсәмәд етишин көриң.

Асылмай, буўылмай, йоқса өлинмәй,
Өлики, тирики анық билинмәй,
Адамзат көзине ҳасла көринмәй,
Қуда әмири билән кетишни көриң

Қазы-Халмураты ахыр заманы,
Башыдан ҳуш кетти, қурып дәрманы
Қай тәрепте бий ағаның мийзаны,
Сыбырлап Қошқардың сорышын көриң.

Көрсетсе тыңламас мәжази әждат,
Гүмансыз, ийманы жоқдур бийшафқат,
Ҳүкимини шәрхилеп, қазы Халмурат,
Мустафа шариятын бузышын көрин.

Ялғаны йоқ ерүр, ырасдур сөзи,
Қара дүр дүньяда рақибниң йүзи,
Бир кеше ишинде бәдбахтың қызы,
Худа әмири билән кетишин көриң.

Шақырып жәм етип аға ҳәм иниң,
Худаны умытып жутубан динин.
Қызының дағўасын молла Мәдемин,
Қутлымурат бийге сатышын көриң.

Худаның қудиретин көриң, дең душлар,
Хошпәҳим, идрәкли, сахип дилкәшлар,
Садыр болып көңилдеги йоқ ишләр,
Бу қапафәлектиң гәрдишин көриң.

Қаллибек, Қарақул екки иниси,
Аннақул, Аймурза, Сүйин орысы,
Ялғаннан ант ишип йигит-ғаррысы.
Наҳақтан қырық тилла алышын көриң.

Қырқ тилланы өзбек бийи алды деп,
Өзлери ант ишип, қуры қалдық деп,
Бир язда үш уғлы бирден өлди деп,
Душманның шор тартып күлишин көриң.

Аға беглер пәҳим әйләсәң сен буны,
Заман егләнбәйин болдым зәбиўни,
Ҳақ ол катқуданың қызының қуны,
Базурдын қырқ тилла болышын көриң.

Зыяд етсин өмирин буның бир худа,
Өлгенде ийманын әйлесин ата,
Әдалатлық билән енди бай аға,
Қайта шәриятқа қосышын көриң.

Буў иш ерүр дийип худа пәрманы,
Дүнья ҳәзин көрип сүрип дәўраны,
Қырмызы тон кийип, минип йорғаны,
Зийўардың беглердәк йүришин көриң.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЙОҚТЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: КӨРИНДИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.