КӨРИНДИ (KÓRÍNDÍ)
Шүкир ҳақның дәргаҳына,
Теңиз көринди, көринди,
Астымдағы арық ябы,
Семиз көринди, көринди.
Әфиў етиң, бирадарлар,
Елим көринди, көринди,
Көп сағынып, ынтық болған,
Жерим көринди, көринди.
Бизиң билән ойнап өскен,
Ярыў-яранлар көринди,
Аҳ урып, ақ сүтин берген,
Ата-аналар көринди.
Сарқырап аққан шийрин суўлы,
Дәрьям көринди, көринди.
Қасымдағы еки уғры,
Доңыз көринди, көринди.
Теңиз көринди, көринди,
Астымдағы арық ябы,
Семиз көринди, көринди.
Әфиў етиң, бирадарлар,
Елим көринди, көринди,
Көп сағынып, ынтық болған,
Жерим көринди, көринди.
Бизиң билән ойнап өскен,
Ярыў-яранлар көринди,
Аҳ урып, ақ сүтин берген,
Ата-аналар көринди.
Сарқырап аққан шийрин суўлы,
Дәрьям көринди, көринди.
Қасымдағы еки уғры,
Доңыз көринди, көринди.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КӨРИҢ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚУБА ҚУШ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: