Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҚУБА ҚУШ (QUBA QUSh)

Кеттиң көзден ғайып болып,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш,
Мен гезермен сайыл болып,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш.

Ушмағыл бадның өринә,
Шықмағыл дағның сәринә,
Рәҳим ет атның теринә,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш.

Өлсең меннен болғыл разы,
Йоқдур сендек ҳеш бир базы
Қалды изиңдә мәллә тазы,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш,

Атаң туйғын, енең лашын,
Қаршыға жийен қардашың,
Келип көргил көзим яшын,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш,

Енең туйғын, атан сунқар,
Сени көрсе титирер аўлар,
Өрдек, ғазыў, сүйлин, зағлар,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш.

Сен бир қустың алғыр базы,
Йолда қалды мәллә тазы,
Мен күтәрмән қышыў-язы,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш.

Сени қуўды шум қара қуш,
Қутылай десең, бир елге туш,
Ел таппасаң бермаған уш,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш.

Үргилейин мен көзиңнен,
Қанат қуйрық ҳәм өзиңнен,
Душпаның кетти изиңнен,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш.

Сени дийуб Зийўар ағлар,
Йүрек бағрын ота дағлар,
Өлгәнше истәб сорағлар,
Келҳа-ҳа қуў-қуў қуба қуш.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КӨРИНДИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: АҒАЛАР БИР ҚУС ҚАШЫРДЫМ...
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.