Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АҒАЛАР БИР ҚУС ҚАШЫРДЫМ... (AǴALAR BÍR QUS QAShIRDIM...)

Ағалар, бир қус қашырдым,
Қус ишре аның теңи йоқ,
Ҳаўадан сүйлин илдирдим,
Лашыннан зәрре кеми йоқ.

Ушар қарсақ ҳәм түлкиге,
Шағал, сәмен ҳәм керкиге,
Күнде ушар қырқ еллиге,
Бул сөзим шын йаланы йоқ.

Көп қуўмас аўны, аз қуўар,
Билменәм лашын, я суңқар,
Бағры бозғул, сырты шубар,
Мәлексиз ҳеш бир пәри йоқ.

Мәлеги бар ҳәр пәриниң,
Қуўаты бардур желиниң,
Бул қустан басқа Зийўарның,
Ҳәмдәм үлпети, яры йоқ.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚУБА ҚУШ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЕЛДИ КӨРЕР КҮН БАРМЕКЕН?
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.