ЕЛДИ КӨРЕР КҮН БАРМЕКЕН? (ELDÍ KÓRER KÚN BARMEKEN?)
Арзыў әйлер көңилимиз өз йуртымызға барғалы,
Ярыў-дослар ҳәм қәдирдан билән бирге жүргели,
Рәҳим әйле, патшаҳым, елге жеткер сен мени
Я илаҳим, елимди көрер күнлер бармекен?
Ҳақ әзелде әйлемиш ошбуў йүриш бизге несип,
Ярыў-достан айрылып, қайғы-думан басқа түсип,
Бирге жүрген қызыў-жаўан, яр-яран менен көрисип,
Яр билә ҳәмдәм болып, жүрмеге күнлер бармекен?
Сақлағыл, пәрўәрдигарим, биз бул ғәрип бәндәни,
Билменем меҳман етипсен нешше күн жан тәндеги,
Малыў-мүлким, ҳәрне барым тапсырдым мен тәңирге,
Билменем, пәрўардигарим, елди көрер күн бармекен?

Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АҒАЛАР БИР ҚУС ҚАШЫРДЫМ...
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЕНДИ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: