Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЕНДИ (ENDÍ)

Залым пәлек зулымын билән,
Қылдың бизни ҳайран енди.
Ғафыллықдын үмирим өтди,
Қалды йүзмың ҳижран енди.

Мине, қазан урды бағым,
Көкәрип шыққан йашлық шағым,
Көз алдымда булдур сағым,
Көкирәгим әрман енди.

Елимни айтдым ҳәр йәнә,
Өзимни салдым ҳижранә,
Табмайын дәрдә дәрмәнә,
Болдым шу күн ҳайран енди.

Сыр бермәдим ҳәр нәмәрдә,
Гүл йүзимә түшти пәрдә,
Қаўми-қардаш яд ерләрдә,
Йүрек бағрым бирьян енди.

Йүрмә намәрд йолдаш билә,
Йуўма йүзиңни яш билә,
Өмир өтирсәң хош билә,
Ақыры соңы ойран енди.

Яры-дослар, сүриң дәўран,
Йүрәкдә қалмасун әрман,
Ақырында қыз ўә жәўан,
Қылур бир күн әрман енди.

Ялан дүнья өтер, кетәр,
Душман аяқыңда ятар,
Әжел бир күн шараб тутар,
Сүд әнләмәс, гирьян енди.

Гәҳи йығлап, гәҳи күлдим,
Яман ишләрдин шекилдим,
Зийўар айтур, мен игилдим –
Ҳалдин тиләб ийман енди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЕЛДИ КӨРЕР КҮН БАРМЕКЕН?
Алдынғы бөлимге қайтыў: МЕҢЗЕР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.