ИШИНДӘ (ÍShÍNDÁ)
Хәр хош йигит саўаш күни,
Доланур майдан ишиндә.
Мәрд билә нәмәрдниң парқы,
Билинур мәйдан ишиндә.
Болур өз ишине пухта,
Бедәўдиң айырма ноқта,
Нәмәрдләр қулағы ақпа,
Ешитмес мәйдан ишиндә.
Қайғыў-меҳнәт болды ярым
Шықмас көңүлдин ғубарым,
Кеше-күндиз аҳыў-зарым,
Қалыбман ҳайран ишиндә.
Гездим ғәриплик йолында,
Ғарқ болуб шәмшә көлиндә,
Юсупдәк Мысыр елиндә,
Қалыбман зиндан ишиндә.
Алла салды бейле, йола,
Ҳәркимсәдин қылмаң кийлә,
Мәжнүн киби шықыб шөлә.
Қалыбман гирян ишиндә.
Шох ишләр кешти башымнан,
Сел болды көзлер яшымнан,
Айрылыб теңи-душымнан,
Қалыбман ҳайран ишиндә.
Шабан минип, шаңда қалма,
Еки берип, бирин алма,
Бийўапаға көңил берме,
Қалурсаң әрман ишинде.
Ғәрип Зийўар қылма гирян,
Ҳақ өзи болғай меҳрибан,
Қушарсаң ҳур илә ғулман,
Жәннети ризўан ишинде.
Доланур майдан ишиндә.
Мәрд билә нәмәрдниң парқы,
Билинур мәйдан ишиндә.
Болур өз ишине пухта,
Бедәўдиң айырма ноқта,
Нәмәрдләр қулағы ақпа,
Ешитмес мәйдан ишиндә.
Қайғыў-меҳнәт болды ярым
Шықмас көңүлдин ғубарым,
Кеше-күндиз аҳыў-зарым,
Қалыбман ҳайран ишиндә.
Гездим ғәриплик йолында,
Ғарқ болуб шәмшә көлиндә,
Юсупдәк Мысыр елиндә,
Қалыбман зиндан ишиндә.
Алла салды бейле, йола,
Ҳәркимсәдин қылмаң кийлә,
Мәжнүн киби шықыб шөлә.
Қалыбман гирян ишиндә.
Шох ишләр кешти башымнан,
Сел болды көзлер яшымнан,
Айрылыб теңи-душымнан,
Қалыбман ҳайран ишиндә.
Шабан минип, шаңда қалма,
Еки берип, бирин алма,
Бийўапаға көңил берме,
Қалурсаң әрман ишинде.
Ғәрип Зийўар қылма гирян,
Ҳақ өзи болғай меҳрибан,
Қушарсаң ҳур илә ғулман,
Жәннети ризўан ишинде.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МЕҢЗЕР
Алдынғы бөлимге қайтыў: БОЛУР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: