Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БЕРИ КЕЛ (BERÍ KEL)

Ай – әлифтек, наз етип, ҳәйкелни таққан бери кел,
Бе – буралып, саз етип, қашыны қаққан бери кел,
Те – туташып от киби, қыя баққан бери кел,
Се – сәнә айтып тилийдин паллар аққан бери кел,
Жим – жанымды өртейип, отларға жаққан бери кел.

Ҳа – да ҳалым көргизип тур, тәнде жаным сенде дур,
Хий – қыялың кимде дур, бәлки қыялың менде дур,
Дал – даўа тапмас бул дәртим дәртиме дәрманда дур,
Залы заўқым, қасте жаным, көңлиме әрманда дур,
Реҳи – румалын қолға алып, қыя баққан бери кел.

Зөҳи зейним кетип, келмекте болдым қашыңа,
Сын – сыядек қашларың, ҳинжиў тизилмиш шашыңа,
Шын – шәккәрдәк ләблериң, баллар қосылмыш ашыңа,
Сад – сапа сүрмек ушын, пәрўанадурман башыңа,
Зад – зар йығлап келдим, пәрўана баққан бери кел.

Тайы – тақат қалмады көргән заман басқан изиң,
Зай – зулым әйлемесин, шийрин қәлам айтқан сөзиң,
Айны әләмдек болып, рәўшан киби баққан йузиң.
Ғайни – ғәзеп қылмасын, жәллат киби бақса көзиң,
Фе – пана болған жаҳанда, интизарым бери кел.

Қап – қарарым болмады, қалдым изинде бийхабар,
Кеп – кәмалыңа келдиң, пишкен төсинде қос әнар,
Ламы – лағлы, ләблерин, болдым сүймекке интизар,
Мийм – мәнийдек, бийшара йығлап изинде зар-зар,
Нун – набатдек ләблериң балдан қосылмыш бери кел.

Уаў – ўапасыз дүньяда ўәдеңди берип еттиң дүзип,
Ҳе – ҳәниўз неше сени излеп тапалмадым гезип,
Лам – әлипдек ләблериң, көксиң қош анарың үзип,
Я – яйдәк қашларың, оқ кирпикиң бағырым езип,
Мыйық берип, жилўа етип ҳәр яна баққан бери кел.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АЙ ӘЛИП
Алдынғы бөлимге қайтыў: ОЯН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.