Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ОЯН (OYaN)

Ныспы шәб келдим қашықа, назлы жәнаным оян,
Шам-шырағ яқтым башыңа, нуўры әнўарым оян,
Көзләримниң рәўшаны, ол маҳы табаным оян,
Йолында зар әйлеген, әй мисли әфғаным оян.
Мен сениң келдим қашыңға рәҳим ет, жаным, оян.

Буў сәҳәр бағыңа келдим, биймәҳәл йолға түшип,
Ўәдеме йетсем дийип, гәҳи жүрип, гәҳи ушып,
Бийхабар сиз ятыпсыз, алтын түгме бәнтин шешип,
Кеўлим истер кирмекти, жәннет киби қойның ашып,
Қойма бунша зар етип, көзиңди аш, ярым, оян,

Сайла сүнма әлиң, асмана питкен ая сен,
Посты ләттеңни сүдрәмә, ўыслат олынмас жая сен,
Гәр сени сақпан илә, атса ҳаўаға мәйләтен,
Әхтимал түшсәң келип, теңиз тейинде лая сен,
Ашығың мәттал болып, башыңда тур, ярым оян.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БЕРИ КЕЛ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚЫЗ ОРАЗ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.