ҚЫЗ ОРАЗ (QIZ ORAZ)
Атасы Әбил кәтқуда, молла Тәжидур ағасы,
Зербарақ алтын қуйылмыш таққан аның сырғасы,
Кийгени жәннет ишик, қундыз тутылмыш яғасы,
Ҳайт-мереке, тойға шықса бәрше қыздың ағласы,
Бәршәдин ағла сениң ҳүсни жамалың, қыз Ораз.
Ғарға баласы ойнамас көлдеги қоңыр ғаз илән,
Отырышы мегземиш туғрыда қонған баз илән,
Қарсы алур мийман келсе шайы-сәўбет саз илән,
Көргенниң ышқыны алур нешше әлўан наз илән,
Бәршедин ағла сениң ҳүсни жамалың, қыз Ораз.
Алтын ҳәйкел, гүмис шытақ өңир моншақ таққаны,
Атадан ҳасыл туўыпдур, ҳәммелерге яққаны,
Айжамала мегземиш үйден керилип шыққаны,
Көкирегиңе ойлар салур қыя-қыя баққаны,
Бәршедин ағла сениқ ҳүсни жамалың, қыз Ораз.
Ҳәр йигит қалта жиберсе, толтырыплар шай салур,
Үстине келсе ғанийми, қайсы бириден тайсалур,
Әгәрки келсәләр меҳман, әлин қаўсырып қарсы алур,
Барыны меҳмандын аямай, дәсүрқанын кең жайур,
Бәршедин ағла, сениң ҳүсни жамалың, қыз Ораз.

Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ОЯН
Алдынғы бөлимге қайтыў: БАРСАҢ БА?
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: