Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ДИЛБӘРИМ (DÍLBÁRÍM)

Сағынып, сарғайып, жазған хатыңды,
Жиберген моллаңдын алдым, дилбәрим,
Хаттан оқып Гүлжан деген атыңды,
Өзиңди көргендей болдым, дилбәрим.

Айралықтың сырын ашты қағазың,
Өли едим, тирилтти жазған баязың,
Соннан бәҳре алып шықты ҳаўазым,
Жисмиме жан кирди яне, дилбәрим.

Хатың келип, қыс күнимди жаз етти,
Бағрымды жибитип, муңлы саз етти,
Ышқ отлары бирден жанды, ўаз етти,
Бәрекелле ақлы ҳуўшыңа, дилбәрим.

Ҳәр қайда болсаңда мениң ярымсаң,
Ҳаққа йығлап тапқан интизарымсаң,
Ҳәсте болсам дәўа болар дәримсең,
Сеннен басқа ҳеш кимим жоқ дилбәрим.

Ара дәш болса да, мен дөнмем сендин,
Шын ашықпан, гүман етпе сен мәндин,
Арттырып сөз жазба бундан сон шендин,
Сәндин өзге кеңил хош жоқ, дилбәрим.

Қудай қосса қосылармыз бир заман,
Соннан басқа ҳәзир бизде жоқ әрман,
Хатың болды мениң дәртиме дәрман,
Кешикпей барарман сабыр ет, дилбәрим,

Көңлим жәм болмай тур депсең сөзиңде,
Ол сөзиңниң парқын билдим гезинде,
Хат жазып тураман етпеймен кенде,
Өзиңе өзиң тәселле бер, дилбәрим.

Бизге де, сизге де болып тур обал,
Бул сөзиме пәрийзадым қулақ сал,
Бәндениң басына түсер түрли ҳал,
Ҳәр истиң ахыры болсын дилбәрим.

Сениң билмей бизиң елге келишиң,
Сапар шыққанымды соңыра билишиң,
Сен өзиңди мәңа рәўа көришиң,
Ашықлыққа дәлалатдур, дилбәрим.

Мениң ушын болма зарыў-сәргиздан,
Дәртимди қозғамай отыр шадыман,
Талабымды болып барсам мен аман,
Мақсетке жетермиз бир күн, дилбәрим,

Өзим барда бола берди иркиниш,
Пайдасы жоқ қылған менен өкиниш,
Ҳәр нәрсени ойлай бермей тур тыныш,
Өлмесем барарман елге, дилбәрим.

Шадлықта тут, мәрт бол ҳәр иске дайым,
Мени келмейди деп шегипсең уўайым,
Яр болса бизлерге қәдир қудайым,
Бир күншелли болмас ҳәсирет, дилбәрим.

Қайыл қалдым сениң айтқан сөзиңе,
Аҳ-уҳ пенен дағ салмағыл жүзине,
Ҳәр бир исте мәртликти ал өзиңе,
Көрисермиз, хош болып тур, дилбәрим.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БАР ЕНДИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ГҮЛЖАН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.