Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ГҮЛЖАН (GÚLJAN)

Гүлжан болған едиң сүйген жананым,
Енди сол муҳаббат өтти сәўдиким,
Орынланбай қалды әҳди-пайманым,
Ўәғдәләр ҳәм ялған болды, сәўдиким.

Итибар болмады сиз бенен бизде,
Мени қойып кеттиң дәртли етип изде,
Ериксиз узатылып хожаға гүзде,
Сүймесиңе басты қостың, сәўдиким.

Дилбарым деп көңил бердим өзиңе,
Уәфалар қылмадың айтқан сөзиңе,
Сен кеткен соң Әжинияздың өзине,
Сениң жоғың жүдә өтти, сәўдиким.

Не яман дүньяда – айралық ямап,
Ярыны алалмай қалған дым ямап,
Баяғы жайлаўдан өтсем ҳәр заман,
Түшәрсән ядыма мениң, сәўдиким.

Сениң менен бирге жүрген жерлерим,
Өткенде түседи соған көзлерим,
Көрей десем сонда басқан излерим,
Оны да шаң басып қалған, сәўдиким,

Ашықтың хошлығы шийрин тил билә,
Бүлбилдиң хошлығы қызыл гүл билә,
"Сиз ҳәм бизиң билә, биз ҳәм сиз билә>, -
Дийип бизге ўәде берген, сәўдиким.

Бир жигиттей бардур дедим бардашым,
Малым аз, бар ерур қәўми-қардашым,
Мал таўып берермен саў болса башым, –
Сол сөзим тутпады атаң, сәўдиким.

Еле ҳәм болса аҳы-зарым бир өзиң,
Ядымнан шықпайды шәккердек сөзиң,
Қашан бир көринсе көзиме көзиң,
Сонда қутыларман ғамнен, сәўдиким

Яне ҳәм язайын сизге бир мысал,
Пәрийзадым бул сөзиме қулақ сал,
Ҳәр бенде де болур ҳәр түрли аўҳал,
Көрген аўҳалларды айтай, сәўдиким.

Қыдырып жүр едим Қаўан бойында,
Сени көрсем деген болып ойымда,
Бир аўыл тур екен мениң жолымда,
Қонай деп қайрылып бардым, сәўдиким.

Бир үйге бардым мен болай деп меҳман,
Атны байлап кирдим үйге шул заман.
Бир кемпир буйырды келиним Гүлжан,–
Үйге отын алып кел деп, сәўдиким.

Сол ўақытта еситип сениң атыңды.
Көрер болдым дедим көңил шадымды,
Ҳақ, муяссар етер, еситип дадымды,
Көрей деп йўзиңни турдым, сәўдиким.

Ойладым шул үйде мен сени бар деп,
Ол үй сениң бир жегжатың шығар деп.
Гүлжан деп айтқанға сениң атың деп.
Мениң кеўлим саған кетти, сәўдиким.

Сонда отын алып келди бир қатын,
Бир сәпли аяқ, билмес ҳеш нениң затын,
Жаңа зордан сөнген жүректиң отын,
Қайтадан жандырып кеттиң сәўдиким.

Атыңды еситтим де, көрмеди көзим,
Сол ўақта бир ҳалда болдым мен өзим,
Айта берсем әда болмас бул сөзим,
Енди қысқартайын сөзди, сәўдиким.

Ҳажинияз ярының кейнинде қалып,
Изиңнен йете алмай қалған бир талып,
Бул сәламды биреў апарар алып,
Бастан аяқ оқытарсыз, сәўдиким.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДИЛБӘРИМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: АМАНБА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.