БАР ЕНДИ (BAR ENDÍ)
Ышқ отына түшкен жигит мәрт болар,
Шеккени күн-түни аҳ-ҳәсирет болар,
Ашықлық дегениң яман дәрт болар,
Тәўеккәлди бир аллаға қыл енди.
Көп қайғырсаң көзлериңе нәм толар,
Думан басып жәҳан жүзи зәң болар,
Қызыл жүзиң зағыфрандай рәң болар,
Сәўер ярым, менин фәндим ал енди.
Ашықлық ямандур жүзиң солдырур,
Ышқына төзбеген дәрттен болдырур,
Сырласпасаң ишиң толып өлтирур,
Биз бенен мудамы сырлас бол енди.
Аҳ мени ярым деп пәрияд әйлеме,
Берк әйле кеўлиңди нашад әйлеме,
Яқшыны нийет қыл, яман сөйлеме,
Бул сөзди ядыңа яхшы ал енди.
Ғайры менен босқа үлфәт болмағыл,
Өзиңе ҳәм маған қайғы салмағыл,
Менде басқа яр йоқ гүман қылмағыл,
Мен сениң ярыңман тахиқ бил енди.
Сен мениң ҳақ қосқан сәўер ярымсаң,
Ялғаншы дүньяда ҳәрне барымсаң,
Кеше-күндиз мениң интизарымсаң,
Шын ашықпан буған инан сен енди.
Қосқай дийип бир алладан тилермен,
Ышқың фырақына дайым шүмермен,
Таҳир киби ҳәр қыялға дөнермен,
Зийўәриңди ҳайран етпей тур енди.
Шеккени күн-түни аҳ-ҳәсирет болар,
Ашықлық дегениң яман дәрт болар,
Тәўеккәлди бир аллаға қыл енди.
Көп қайғырсаң көзлериңе нәм толар,
Думан басып жәҳан жүзи зәң болар,
Қызыл жүзиң зағыфрандай рәң болар,
Сәўер ярым, менин фәндим ал енди.
Ашықлық ямандур жүзиң солдырур,
Ышқына төзбеген дәрттен болдырур,
Сырласпасаң ишиң толып өлтирур,
Биз бенен мудамы сырлас бол енди.
Аҳ мени ярым деп пәрияд әйлеме,
Берк әйле кеўлиңди нашад әйлеме,
Яқшыны нийет қыл, яман сөйлеме,
Бул сөзди ядыңа яхшы ал енди.
Ғайры менен босқа үлфәт болмағыл,
Өзиңе ҳәм маған қайғы салмағыл,
Менде басқа яр йоқ гүман қылмағыл,
Мен сениң ярыңман тахиқ бил енди.
Сен мениң ҳақ қосқан сәўер ярымсаң,
Ялғаншы дүньяда ҳәрне барымсаң,
Кеше-күндиз мениң интизарымсаң,
Шын ашықпан буған инан сен енди.
Қосқай дийип бир алладан тилермен,
Ышқың фырақына дайым шүмермен,
Таҳир киби ҳәр қыялға дөнермен,
Зийўәриңди ҳайран етпей тур енди.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ХИЙЎАЛЫ ҚЫЗ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДИЛБӘРИМ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: