Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БОЗАТАЎЛЫ НӘЗЕЛИМ (BOZATAWLI NÁZELÍM)

Бозатаўлы гүлбинәфша нәзелим,
Әсәлиң ҳәррени гүлден бездирер,
Кирпиклериң сүзип баққан нәзериң,
Жулдызды жаўратып, түннен бездирер.

Жамалың бир көрип кеттим димардан,
Йүзүмни үгирдим шамси-қамардан,
Өзимни бездирип сабыр-қарардан,
Сабырыў-қарарымды меннен бездирер.

Қумырысқадек қыпша-қыпша беллерин,
Бармақ толы йүзүк-йүзүк әллериң,
Әсел қатқан сүжик-сүжүк тиллериң,
Жыланды жылжытып иннен бездирер.

Фәлекниң ойыны – Жәйҳун гирдабы,
Бир тәбәссим етсен көңлимниң табы,
Ышқы ләшкериңниң дәҳшәт сәркабы,
Бул аманат жанды тәннен бездирер,

Писте бурыныңда тилла әребек,
Екки қара көзиң екки бәледек,
Үргениш йуртунда бегим Төребек,
Тахтынан тайдырып, елден бездирер.

Көңлим сәдебини бир-бир яздырып.
Қайта бастан гөне дәртим қоздырып,
Капир көзиң мусулманды азғырып,
Бийшара Зийўарды диннен бездирер.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ТҮСЕР
Алдынғы бөлимге қайтыў: БИР ПӘРИЙ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.