БИР ПӘРИЙ (BÍR PÁRÍY)
Зәрбәрағ өрилген тилла шашбағы,
Ақыл-ҳуўшым алып кетти бир пәрий,
Тал-шыбықтай қыпша бели-белбағлы,
Мени ҳайран етип кетти бир пәрий.
Сәйир әйлабан, гезип саатий заман,
Шаҳсәнем, Ләйлидей жүрип пәраўан,
Жәм болып турғанда бәрше қыз-жаўан,
Саллана, саллана кетти шул пәрий.
Келип хошластылар көзге яш алып,
Мен ҳәм турдым ерип, балқып босанып,
Шәмшади қамәти зерге жасанып,
Менн отқа яқып кетти шул пәрий.
Хошласып мен қалып, болдым интизар,
Тәнимдә қалмады зәррәдек мәдар,
Мен аның ышқында болдым хоры-зар,
Ақлы-ҳуўшым алып кетти шул пәрий.
Тынбас кеше-күндиз көзим гирьяны,
Болыппан мен аның бағры бирьяны,
Жисмимди өртеди дағы, ҳижраны,
Көзде яшым төкип кетти шул пәрий.
Келмес андай дилбар яқты-жаҳана,
Ҳүснини меңзеттим ҳүўри ғулмана,
Дишлери мәселлик ҳинжи-мәржана,
Бу заманда йоқдур шундай дилбәрий.
Бу елде көрмедим шуныңдек дилбар,
Кешени ақ йүзи әйләр мүнәўўәр,
Кийген либасының бәри алтын-зер,
Зыя-зулпы екен мүшки әнўәрий.
Йүз әлўан доланур қәддини дүзеп,
Нәзерлеп кирпигин оқ киби гезеп,
Ләйли, Зуҳра, Сәнем киби хош әдеп,
Бағ-ирәмгә мүнәсипдур шул пәрий.
Ҳәрким айтур, аңа ҳәмдәм болсам деп,
Йолыңда жанымды пидә қылсам деп,
Мубәрәк жамалын және көрсем деп,
Тақатым қалмады көргеннен берий.
Ақыл-ҳуўшым алып кетти бир пәрий,
Тал-шыбықтай қыпша бели-белбағлы,
Мени ҳайран етип кетти бир пәрий.
Сәйир әйлабан, гезип саатий заман,
Шаҳсәнем, Ләйлидей жүрип пәраўан,
Жәм болып турғанда бәрше қыз-жаўан,
Саллана, саллана кетти шул пәрий.
Келип хошластылар көзге яш алып,
Мен ҳәм турдым ерип, балқып босанып,
Шәмшади қамәти зерге жасанып,
Менн отқа яқып кетти шул пәрий.
Хошласып мен қалып, болдым интизар,
Тәнимдә қалмады зәррәдек мәдар,
Мен аның ышқында болдым хоры-зар,
Ақлы-ҳуўшым алып кетти шул пәрий.
Тынбас кеше-күндиз көзим гирьяны,
Болыппан мен аның бағры бирьяны,
Жисмимди өртеди дағы, ҳижраны,
Көзде яшым төкип кетти шул пәрий.
Келмес андай дилбар яқты-жаҳана,
Ҳүснини меңзеттим ҳүўри ғулмана,
Дишлери мәселлик ҳинжи-мәржана,
Бу заманда йоқдур шундай дилбәрий.
Бу елде көрмедим шуныңдек дилбар,
Кешени ақ йүзи әйләр мүнәўўәр,
Кийген либасының бәри алтын-зер,
Зыя-зулпы екен мүшки әнўәрий.
Йүз әлўан доланур қәддини дүзеп,
Нәзерлеп кирпигин оқ киби гезеп,
Ләйли, Зуҳра, Сәнем киби хош әдеп,
Бағ-ирәмгә мүнәсипдур шул пәрий.
Ҳәрким айтур, аңа ҳәмдәм болсам деп,
Йолыңда жанымды пидә қылсам деп,
Мубәрәк жамалын және көрсем деп,
Тақатым қалмады көргеннен берий.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БОЗАТАЎЛЫ НӘЗЕЛИМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ӘЙ НӘЗӘЛИМЛЕР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: