БИР ЖӘНАН (BÍR JÁNAN)
Көзимә көринүб, бегләр, бир жәнан,
Шийрин жаным отқа яқты да кетди.
Ялғаны йоқ, бүл сөзимә сен инан,
Мың жылўа наз әйлеп, бақты да кетди.
Түн ортада йердим үйқүда ятыб.
Әдеб-әркан билән бизди ойғатыб.
Шийрин-шәкар меңә сәзлерин катыб,
Заман егләнмәйин шықты да кетди.
Көрген заман аны бағрымны езиб,
Олтүрдым жанымдан үмийдим үзиб,
Жаным ота яқты көзлерин сүзиб,
Қәлем қашын меңа қақты да кетди.
Ақлымны кетүрдим көрген шул заман,
Ойғаныб уйқуўдын көрсем бир жәнан,
Кирпиги оқ киби, қашлары кәман,
Әзиз жаным тәндин шықты да кетди.
Зыя-зулпы рәңли мысалы қундыз,
Көре алмай йүрген яқыннан ҳәргиз,
Ләйли, Зуҳра киби ол саҳиб тәмиз,
Бады-саба усап ести де кетди.
Зыя-зулпы тал-тал, шашлары сүмбил,
Ашықлардың етер көз йашын сел-сел,
Зарлы Зуҳра, Сәнем киби қыпша бел,
Бады-саба киби өтти де кетди.
Шәшми – жадыў жәллад, қашлары қаләм,
Қойды сийнәмизә йүз мың дағ әлем.
Наз әйләйүб сүшик тилли ол сәнем,
Мәңә бир истанат тақты да кетди.
Сәрәфраз қамәти, сәдаф дәнданлы,
Башындын аяқы әдаб-әрканлы,
Ол ҳәм мениң киби йүз мың әрманлы,
Көздиң қанлы яшын төктидә кетди.
Ләйли, Зүҳра, Сәнем янлығ сүўрети,
Туўбы ағашына меңзер қамәти,
Аҳ дегендә шықан ағзының оты,
Он сәккиз мың әлем яқты да кетди.
Иззәт икрам билән тиләб жәўабы,
Тәўазығлық олуб бериб сәлами,
Ғамзә билән бақыб айған қәлами,
Тамам үстиханым яқты да кетди.
Үстине кийгени атлас қамқады,
Башда түрме, әлде пәрең румалы,
Ашық Зийўар аны көрген заманы,
Арақ сәйлан етиб ақты да кетди.
Шийрин жаным отқа яқты да кетди.
Ялғаны йоқ, бүл сөзимә сен инан,
Мың жылўа наз әйлеп, бақты да кетди.
Түн ортада йердим үйқүда ятыб.
Әдеб-әркан билән бизди ойғатыб.
Шийрин-шәкар меңә сәзлерин катыб,
Заман егләнмәйин шықты да кетди.
Көрген заман аны бағрымны езиб,
Олтүрдым жанымдан үмийдим үзиб,
Жаным ота яқты көзлерин сүзиб,
Қәлем қашын меңа қақты да кетди.
Ақлымны кетүрдим көрген шул заман,
Ойғаныб уйқуўдын көрсем бир жәнан,
Кирпиги оқ киби, қашлары кәман,
Әзиз жаным тәндин шықты да кетди.
Зыя-зулпы рәңли мысалы қундыз,
Көре алмай йүрген яқыннан ҳәргиз,
Ләйли, Зуҳра киби ол саҳиб тәмиз,
Бады-саба усап ести де кетди.
Зыя-зулпы тал-тал, шашлары сүмбил,
Ашықлардың етер көз йашын сел-сел,
Зарлы Зуҳра, Сәнем киби қыпша бел,
Бады-саба киби өтти де кетди.
Шәшми – жадыў жәллад, қашлары қаләм,
Қойды сийнәмизә йүз мың дағ әлем.
Наз әйләйүб сүшик тилли ол сәнем,
Мәңә бир истанат тақты да кетди.
Сәрәфраз қамәти, сәдаф дәнданлы,
Башындын аяқы әдаб-әрканлы,
Ол ҳәм мениң киби йүз мың әрманлы,
Көздиң қанлы яшын төктидә кетди.
Ләйли, Зүҳра, Сәнем янлығ сүўрети,
Туўбы ағашына меңзер қамәти,
Аҳ дегендә шықан ағзының оты,
Он сәккиз мың әлем яқты да кетди.
Иззәт икрам билән тиләб жәўабы,
Тәўазығлық олуб бериб сәлами,
Ғамзә билән бақыб айған қәлами,
Тамам үстиханым яқты да кетди.
Үстине кийгени атлас қамқады,
Башда түрме, әлде пәрең румалы,
Ашық Зийўар аны көрген заманы,
Арақ сәйлан етиб ақты да кетди.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӘЙ НӘЗӘЛИМЛЕР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ГӨЗЗАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: