КЕРӘКТИ (KERÁKTÍ)
Мен айтайын имди келин тәрийпин,
Әдеп бурынғыдан қалса керәкти.
Ерте туруб атасының үйине,
Келин ялаң аяқ барса керәкти.
Бурынғы адамдын қалған ўәсият,
Гөне адамларда бардур қәсийет,
Аларның айтқаны–бары нәсийҳат,
Қәсийәтсиз имди болса керәкти.
Елге ҳәрбир түрли келинлер келәр,
Бүгин келсә, таңда аҳалап күләр,
Ата-анасыйға нәсийҳәт берәр,
Шул үйгә сардарман десә керәкти.
Йәне ҳәм бир түрли келинлер келәр,
Бүкин келсә, таңда елләрни гезәр.
Үйдә иши болмас, өз бойын түзәр,
Өз башына пайда қылса керәкти.
Келин үйгә келсе саламын бермәс,
Бийҳая-бадбахтың уяты болмас,
Алдыңнан кес-кеслеп назарын салмас
Сыйраңлап, дигилдеп йүрсә керәкти.
Келинлер өзиниң яманын билмес.
Сорасаң керилип жуўабын бермәс,
Буйырса бир ишкә шақырмай келмәс,
Доңыз тыңлаў етип турса керәкти.
Әдепли аяллар аҳалап күлмәс,
Еридин бийжуўап ҳеш йере бармас,
Яман аял яман ҳалыны билмәс.
Биреўгс сын тақыб күлсә керәкти.
Бир парасы келур жанбызын қашып,
Яўлығын ташлабан, басыны ашып,
Кейўанылық қылып сөзгә талашып,
Нәфис көйләкләрин кийсә керәкти.
Басларын ашғаны не яман айып,
Айыпны билмәгән ақылсыз зайып,
Киймешәгин киймей үйинде қойып,
Лолы яға етип кийсә керәкти,
Яранлар "ақырның" келини болмас,
Енеси сөз айтса, келини қылмас,
Енеси от яқар, келини турмас,
Күн шыққанда зордан турса керәкти.
Бир нешә келинләр ақылы болмас,
Өзи ғайбар болур, ғайраты болмас,
Әдеби-әркәндин ҳеш заты болмас,
Қаршуў ҳайбатланып турса керәкти.
Биреўин биреўге қудайым ядар,
Қатын яқшы болса, үйинде базар,
Яман болса, бадбахт аўылны бузар,
Атадын уғылны айырса керәкти.
Йигит малын берип қатын алады,
Қатынның яманы кетмәс қарады,
Әрман билән өмир өтип барады,
Қайғыў ғусса билән өтсә керәкти.
Таяқ есә келин ашығланып кетәр,
Еки йуртын бирдей биймаза етәр,
Бийҳая бел бағласа бийшара нетәр,
Ақлы ҳайран болып йүрсе керәкти.
Уйықлап ятар билмес таңның атқанын,
Ери нетәр ҳақның аңа шатқанын,
Уишнет қылар ерине бирге ятқанын,
Безеңлеп ол ерде турса керәкти.
Базы келин келер өңүрин ашып,
Ериниң буйырған ишинен қашып,
Яман қатын алып йүрмәң шатасып,
Зкйўардан ўәсият қалса керәкти.
Әдеп бурынғыдан қалса керәкти.
Ерте туруб атасының үйине,
Келин ялаң аяқ барса керәкти.
Бурынғы адамдын қалған ўәсият,
Гөне адамларда бардур қәсийет,
Аларның айтқаны–бары нәсийҳат,
Қәсийәтсиз имди болса керәкти.
Елге ҳәрбир түрли келинлер келәр,
Бүгин келсә, таңда аҳалап күләр,
Ата-анасыйға нәсийҳәт берәр,
Шул үйгә сардарман десә керәкти.
Йәне ҳәм бир түрли келинлер келәр,
Бүкин келсә, таңда елләрни гезәр.
Үйдә иши болмас, өз бойын түзәр,
Өз башына пайда қылса керәкти.
Келин үйгә келсе саламын бермәс,
Бийҳая-бадбахтың уяты болмас,
Алдыңнан кес-кеслеп назарын салмас
Сыйраңлап, дигилдеп йүрсә керәкти.
Келинлер өзиниң яманын билмес.
Сорасаң керилип жуўабын бермәс,
Буйырса бир ишкә шақырмай келмәс,
Доңыз тыңлаў етип турса керәкти.
Әдепли аяллар аҳалап күлмәс,
Еридин бийжуўап ҳеш йере бармас,
Яман аял яман ҳалыны билмәс.
Биреўгс сын тақыб күлсә керәкти.
Бир парасы келур жанбызын қашып,
Яўлығын ташлабан, басыны ашып,
Кейўанылық қылып сөзгә талашып,
Нәфис көйләкләрин кийсә керәкти.
Басларын ашғаны не яман айып,
Айыпны билмәгән ақылсыз зайып,
Киймешәгин киймей үйинде қойып,
Лолы яға етип кийсә керәкти,
Яранлар "ақырның" келини болмас,
Енеси сөз айтса, келини қылмас,
Енеси от яқар, келини турмас,
Күн шыққанда зордан турса керәкти.
Бир нешә келинләр ақылы болмас,
Өзи ғайбар болур, ғайраты болмас,
Әдеби-әркәндин ҳеш заты болмас,
Қаршуў ҳайбатланып турса керәкти.
Биреўин биреўге қудайым ядар,
Қатын яқшы болса, үйинде базар,
Яман болса, бадбахт аўылны бузар,
Атадын уғылны айырса керәкти.
Йигит малын берип қатын алады,
Қатынның яманы кетмәс қарады,
Әрман билән өмир өтип барады,
Қайғыў ғусса билән өтсә керәкти.
Таяқ есә келин ашығланып кетәр,
Еки йуртын бирдей биймаза етәр,
Бийҳая бел бағласа бийшара нетәр,
Ақлы ҳайран болып йүрсе керәкти.
Уйықлап ятар билмес таңның атқанын,
Ери нетәр ҳақның аңа шатқанын,
Уишнет қылар ерине бирге ятқанын,
Безеңлеп ол ерде турса керәкти.
Базы келин келер өңүрин ашып,
Ериниң буйырған ишинен қашып,
Яман қатын алып йүрмәң шатасып,
Зкйўардан ўәсият қалса керәкти.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚАТША
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДҮЙСЕН ҚАНДЕКЛИ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: