Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ДҮЙСЕН ҚАНДЕКЛИ (DÚYSEN QANDEKLÍ)

Алсаң нәсийхатым, тутат сөзимди,
Өлтир көк ийтиңди, Дүйсен қандекли.
Ақыр абройсыз етер өзиңди,
Өлтир көк ийтиңди, Дүйсен қандекли.

Ийт уғырлық қылмас бежерсең бастан,
Күнде бир тойдырсаң қарныны аштан,
Кимсәни айырар сыпыра-шанаштан,
Өлтир көк ийтиңди, Дүйсен қандекли.

Бул ийт уғырлық қылар яқын, йырақтан,
Кимди айырар майдан, кимди-торақтан,
Айрылық көшерсең күлкихожақтан,
Өлтир көк ийтиңди, Дүйсен қандекли.

Ҳәр қәдем атқанда таўшан алмас ҳәм,
Атасы арабтан туўра келсе ҳәм,
Әкеңниң көзини көрип қалса ҳәм,
Өлтир көк ийтиңди, Дүйсен қандекли.

Сүриўли қойың жоқ, я пада малың,
Сонда ҳәм мурныңда бир қап шамалың,
Әлҳасыл, өзиңе қалар обалың,
Сол ийтиңди өлтирмесең, қандекли.

Бул ийтиңниң пайдасынан көшпесең,
Я айрылып, елден аўлақ көшпесең,
Жегип күшин, саўып сүтин ишпесең,
Өлтир көк ийтиңди, Дүйсен қандекли.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КЕРӘКТИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: АЛА ҚУС
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.