Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҚАТША (QATShA)

Беглер, тәрип етсем Қатша перийди,
Қалем қаслы, қара көзлери бардур.
Мын санлы садаға басқан изийни,
Мисли аптаб киби йузлери бардур.

Көрсеңиз бир пәрий наз билән бақар,
Наз етсе ашықтың жаныны яқар,
Сол көзини қымып, оң қасын қақар,
Жүз ҳиссә жилўалы назлары бардур.

Йүзин бир көргенниң ақлы болар лал.
Қөз жасыны төкер, тынмай маҳы-сал,
Жийди набат, ләби қантыў әсел бал,
Ләпте каса толы паллары бардур.

Енди сениң тәрийпиңди дийейин.
Қулақ салып, тыңласаңыз, қыз Қатша,
Өз ўаспынды мен өзиңе дийейин,
Пехим етип аңла буны, қыз Қатша.

Әлемниң жүзинде бир сулыў болдың,
Дәрья киби тасып, толып мәўиж урдың,
Ақырында қатарыңнан кем болдың,
Қәдириң кетти тең душыңа, қыз Қатша.

Жалбарынып бир жигитти тапқансыз,
Үстлерине жипек-сарпай жапқансыз,
Жүзлеринен қайта-қайта өпкенсиз
Ол ҳәм айра түсти сеннен, қыз Қатша.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АЙЗАДАҒА
Алдынғы бөлимге қайтыў: КЕРӘКТИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.