Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АЛА ҚУС (ALA QUS)

Аспанда жүр ала-ала көринип,
Жерге түссе қуйрығынан сүринип,
Балақ жүни тепкиринен түрилип,
Тарландек титиренер бизиң ала қус.

Ала қустың бир минези артықты,
Байбосынның бир таўығын тартыпты,
Ел болып қәҳринен аның қорқыпты,
Ала қус емесдур, бул бир бәлә қус.

Ала қустың бүркит киби тырнағы,
Ҳасла жаздырылмас урса қармағы,
Елге аўыр түссе керек салмағы,
Сонындай биймаза бизиң ала қус.

Ала қус тәрийпи журтқа жайылды,
Қораз-таўық бәри жиннен айылды,
Алған аўы мерекеде сойылды,
Сонындай зәбердес бизиң ала қус.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДҮЙСЕН ҚАНДЕКЛИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚАШҚАШ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.