НӘСИЙҲАТ (NÁSÍYHAT)
Сөйлесе шийриндур жаҳанда тили,
Келсе шады қуррам боладур ели,
Әрман билән өтти ол Мақтымқулы,
Ол ҳәм нема көрди, әй дүнья сендин?
Зал, Рүстем не көрди етти йүз яштан,
Күши бирлә отлар шығарды тастан,
Отыз бес йыл язды Фердаўсий дәстан,
Ол ҳәм нема көрди, әй фаный сендин.
Бул жаҳанда болып өттилер Қарун,
Аямай бердилер қолында барын,
Әжел оғы тыңламады дад-зарын,
Ол ҳәм өтип кетти, фаный сендин.
Дейдилер әййемде өттилер Әлесту,
Асманый-заминин билди Әфлатун,
Жан алып, жан берди улықман Ҳәким,
Булар ҳәм өттилер, әй фаный сендин.
Дүньяда өттилер нешше мың алым,
Иштен алып жықты мийримсиз залым,
Физулий, Фердаўсий дүньяға мәлим,
Алар да өттилер, өй фаный сендин.
Ҳешким өтмес залымлыққа Шыңғыстан,
Еситкенлер үн қосысып йығласқан,
Титирести Индистаныў-Гүржистан,
Ол ҳәм өтип кетти, әй фаный сендин.
Хорезм йўртлары болдылар харап,
Ҳийўаны бүлдирди нешше жыл сорап,
Мәдрәҳим, Нәдирша бердилер азан,
Олар нема көрди, әй фаный сендин.
Бир күнлери келер қашақлара яз,
Сәзенде, гөйенде болыр сәрпараз,
Бу қыссаны язды Зийўар–Ҳәжинияз,
Ол ҳәм нема көрди, әй фаный сендин.
Келсе шады қуррам боладур ели,
Әрман билән өтти ол Мақтымқулы,
Ол ҳәм нема көрди, әй дүнья сендин?
Зал, Рүстем не көрди етти йүз яштан,
Күши бирлә отлар шығарды тастан,
Отыз бес йыл язды Фердаўсий дәстан,
Ол ҳәм нема көрди, әй фаный сендин.
Бул жаҳанда болып өттилер Қарун,
Аямай бердилер қолында барын,
Әжел оғы тыңламады дад-зарын,
Ол ҳәм өтип кетти, фаный сендин.
Дейдилер әййемде өттилер Әлесту,
Асманый-заминин билди Әфлатун,
Жан алып, жан берди улықман Ҳәким,
Булар ҳәм өттилер, әй фаный сендин.
Дүньяда өттилер нешше мың алым,
Иштен алып жықты мийримсиз залым,
Физулий, Фердаўсий дүньяға мәлим,
Алар да өттилер, өй фаный сендин.
Ҳешким өтмес залымлыққа Шыңғыстан,
Еситкенлер үн қосысып йығласқан,
Титирести Индистаныў-Гүржистан,
Ол ҳәм өтип кетти, әй фаный сендин.
Хорезм йўртлары болдылар харап,
Ҳийўаны бүлдирди нешше жыл сорап,
Мәдрәҳим, Нәдирша бердилер азан,
Олар нема көрди, әй фаный сендин.
Бир күнлери келер қашақлара яз,
Сәзенде, гөйенде болыр сәрпараз,
Бу қыссаны язды Зийўар–Ҳәжинияз,
Ол ҳәм нема көрди, әй фаный сендин.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КЕРЕКТИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҲӘРКИМ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: