ҲӘРКИМ (HÁRKÍM)
Ҳәрким бул дүньяда бир иш билейир,
Әлини көтерип алғыр баз билән.
Яне бирпаралар кеўилин қошлайыр,
Дуўтары әлинде шертип сазбилән.
Ҳәр яна дөнедур кеўилим қыялы,
Бул сезимниң ҳасла йоқты ялғаны,
Ялғаншыда болмас кеўил әрманы,
Ойнап күлсең таўып яқшы қызбилән.
Йигитлер, яқшы менен ойнайын десең,
Уйқыңнан кешерсең, ойнайып-күлсең,
Шул күн яқшы қызның үйине кирсең,
Ойнайып, уйықлатпас қылық назбилән.
Базы қызға биреў ўәдени берсе,
Шул күни қаст етип, үйине кирсе,
Ойғатмақлық ушын басын шайқаса,
Ҳасла жуўап бермес уйқысы билән.
Қыз болғанның бәри барабар емес,
Жақсы қыз ҳәркимниң сәзине ермес,
Ярыдан ғайрыға кеўилини бермес.
Йүрсең ҳәз етерсең шундай қыз билән.
Жигит-қыздың парқы барабар болур,
Ебин тапқан жигит ойнайып-күлүр,
Ғә жигит қыз аңлып елин бүлдирүр,
Өзи сөйлеспеген ҳасла қыз билән.
Ол жигит адамның қәдирин билмес,
Айтқанын, дегенин ҳәркимсе қылмас,
Әўелде оңбаған ақыр ҳәм оңбас,
Сөйлесип көрмеген тәнҳа қыз билән.
Жаман адам қоз таслайды араға,
Жақсы қыздан дүнья-малың садаға,
Жаман қызлар өзин сатар параға,
Иси болмас жаман, жақсы сөз билән.
Яқшы болса ғош жигиттиң ашнасы,
Чай-шекерге толы болур қалтасы,
Арадағы әйлеп жүрген жеңгеси,
Қыз-жигитти абырайлы етер сөзбилән.
Молла Зийўар айтар ярын сөз қылып,
Ярға ашық болса, кеўилиңди берип,
Муны молла оқыса хош ҳаўаз қылып,
Бақсы-жыраў айтсын әлде саз билән.
Әлини көтерип алғыр баз билән.
Яне бирпаралар кеўилин қошлайыр,
Дуўтары әлинде шертип сазбилән.
Ҳәр яна дөнедур кеўилим қыялы,
Бул сезимниң ҳасла йоқты ялғаны,
Ялғаншыда болмас кеўил әрманы,
Ойнап күлсең таўып яқшы қызбилән.
Йигитлер, яқшы менен ойнайын десең,
Уйқыңнан кешерсең, ойнайып-күлсең,
Шул күн яқшы қызның үйине кирсең,
Ойнайып, уйықлатпас қылық назбилән.
Базы қызға биреў ўәдени берсе,
Шул күни қаст етип, үйине кирсе,
Ойғатмақлық ушын басын шайқаса,
Ҳасла жуўап бермес уйқысы билән.
Қыз болғанның бәри барабар емес,
Жақсы қыз ҳәркимниң сәзине ермес,
Ярыдан ғайрыға кеўилини бермес.
Йүрсең ҳәз етерсең шундай қыз билән.
Жигит-қыздың парқы барабар болур,
Ебин тапқан жигит ойнайып-күлүр,
Ғә жигит қыз аңлып елин бүлдирүр,
Өзи сөйлеспеген ҳасла қыз билән.
Ол жигит адамның қәдирин билмес,
Айтқанын, дегенин ҳәркимсе қылмас,
Әўелде оңбаған ақыр ҳәм оңбас,
Сөйлесип көрмеген тәнҳа қыз билән.
Жаман адам қоз таслайды араға,
Жақсы қыздан дүнья-малың садаға,
Жаман қызлар өзин сатар параға,
Иси болмас жаман, жақсы сөз билән.
Яқшы болса ғош жигиттиң ашнасы,
Чай-шекерге толы болур қалтасы,
Арадағы әйлеп жүрген жеңгеси,
Қыз-жигитти абырайлы етер сөзбилән.
Молла Зийўар айтар ярын сөз қылып,
Ярға ашық болса, кеўилиңди берип,
Муны молла оқыса хош ҳаўаз қылып,
Бақсы-жыраў айтсын әлде саз билән.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: НӘСИЙҲАТ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚОНАҚ КЕЛСЕ АРЫҚ СОЙМА
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: