Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЖАҚСЫ (JAQSI)

Адам улы адам қәдирин билмесе,
Оннан дүзде отлап жүрген мал жақсы.
Айтқан сөздиң мағанасын билмесе,
Ол адамнан тилсиз өскен лал жақсы.

Дүньяға шыққан соң бергей қудайы,
Ден-саўлықтың болмас ҳеш теңи-тайы,
Ҳәр кимниң өзине Мысырды жайы,
Шүкир-сәна етиң, қәдирин бил жақсы.

Кисинин ярына күлип баққаннан,
Шыбын жаның ышқы отына жаққаннан,
Өз бойыңа түрли насақ таққаннан,
Өз ярыңның тәрбиясын бер жақсы.

Гийне қылып журтты таслап кеткеннен,
Қәдирин билмес жерде хызмет еткеннен,
Жат еллерде мүсәпирлик шеккеннен,
Урып-сөгип қорласа да ел жақсы.

Сақлағайлар қуда патша қаҳринен,
Жырақ сақлағайсаң шайтан шәринен,
Миннетли пал ашшы болар зәҳәрден,
Күлип-ойнап берген зағара жақсы.

Туўры жолды таслап қыйсық кеткеннен,
Дос болып досынан гәпин гизнеген,
Досқа қылап қылып ялған сөзлеген,
Оннан он бес жасар арбат жақсыды.

Жол билмесен, жол сораңыз билгеннен,
Гүдер үзбе ықрарында турғаннан.
Яман менен қырық жыл дәўран сүргеннен,
Яқшы менен бир дем сәўбетлер жақсы.

Көп гездим, яранлар, шадлы дүньяны,
Өтирикшиниң болмас анты-ийманы.
Ҳәргиз жақынлатпас келген мийманны,
Жылаған, мүтәжды қуўантқан жақсы.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БӘРШӘ БИРДЕЙ БОЛҒАН ЕМЕС
Алдынғы бөлимге қайтыў: БОЛУРМЫ?
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.