Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БОЛУРМЫ? (BOLURMI?)

Ўәлий күнлим, ҳәр жайларда доланма,
Ҳәр жай демәк билән имкан болурмы?
Сөзлегәндә сөзниң парқын билмәгән,
Адам демәк билән инсан болурмы?

Йигит керек өз жайында сөзләсә,
Ҳәр кимсә сыр бермей, сырын гизнәсә?
Қәдирин биләр бир қадирдан изләсә,
Қадирин билмәс жая меҳман болурмы?

Аллам берсин бәндесиниң мурадын,
Кәмрән катиби язарлар хатын,
Бәршени яратқан қадир қудадин,
Инаят болмаса, султан болурмы?

Ҳош йигиткә абрай керәк, мал керәк,
Мүршидләрә батын керәк, ҳал керәк,
Ақырәт истәсең, дуғры йол керәк,
Куңил хош етмесә, гирьян болурмы?

Хош йигиттиң аты-тоны шай болса,
Алан яры ақлы өзинә тай болса,
Уғлы-қызы болуб, йәне бай болса,
Яланчи дүньяда әрман болурмы?

Яқшыны пәҳим әйле сөзләгән сөздиң,
Яманның парқы йоқ, көз бирлә йүздин,
Әдебсиз, әркәңсыз бийпәҳим қыздың,
Хошрей болмақ билән жанан болурмы?

Зийўар айтур, аллам, өзиң шад әйлә,
Атым-тоным, көңил-хошым бар әйлә,
Қол аяғым, башым, көзим сағ әйлә,
Мендин ғайры дәрдә янған болурмы?



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЖАҚСЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЙИГИТЛЕР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.