Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БӘРШӘ БИРДЕЙ БОЛҒАН ЕМЕС (BÁRShÁ BÍRDEY BOLǴAN EMES)

Бәршә адам теңдей емес,
Сен қоймағыл йуртқа әбес,
Биреў ақыл, биреў ғапыл,
Бәршә бирдей болған емес.

Қудаға қас илмиғайып,
Сөз айттың бизге әжайып,
Бенде йоқдур ҳеш айыпсыз,
Бир қудада жоқдур айып.

Сөзиң найза сипет өтер,
Өз башыңа сөзиң жетер,
Қанша өзиң билгиш болсаң,
Бир билмеслик неге өтер.

Ол әжелин көрип болмас,
Алдын болжап билип болмас,
Бәршә мақлуқ бирдей емес,
Билмеске ыза берип болмас.

Биреўде бар питкен ақыл,
Жуқпай кетер сүрткен ақыл,
Ойдағыны билип болмас,
Бурынғыдан қалған нақыл.

Төрт тәрепиң қубла емес,
Сен қылмағыл йуртқа әбес,
Биреў ақыл, биреў ғапыл,
Бәрше бирдей болған емес.

Сөзиңниң ҳаслын ес билипсең,
Басқаны нәкәс билипсең,
Сен етмегил тәкаббирлик,
Йуртны өзиңнен пәс билипсең.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЯҚШЫДЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЖАҚСЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.