ЙИГИТЛЕР (YÍGÍTLER)
Ер йигит қолында малы болмаса,
Ялғаншыда өз теңинен кем болур,
Әреби ат арыса, жалы болмаса,
Арқасы яғырдан бойы ләң болур.
Йигитке әреби ат керек, әўелҳа,
Екинши зән керек хошрөй, базийа,
Андын соңра перзент керек ҳәм дүнья,
Дүньясызлар ләйлиў-нәҳәр тәң болур.
Хош жигитке керек бир яры зийба,
Қалем қас, қара көз, қамәти-рәғна,
Йигиттиң қатыны болса бийҳая,
Күнде үй ишинде ғаўға жәң болур,
Жаман қатын ериниң айтқанын етпес,
Сөзини тыңламас, кеўлине жетпес,
Күнде үй ишиниң ғаўғасы питпес,
Мәрт йигиттиң мудам ҳалы тәң болур.
Жаманнан жақсының сорасаң парқын,
Аспан жер арасы андын көп жақын,
Жаман қатын бийзар етер елатын,
Сөйлегенде жақсы менен тең болур,
Жақсы қатын ерур қуда неғмәти,
Өпсең, қушсаң әзиз жанның рәаәти,
Жақсы ярдың беглер билсең сөҳбети
Ялғаншыда жәннет билән тең болур.
Үйленсең үйленгил сорап ҳәм затын,
Исмин, нәслин, жети пушты-әждадын,
Беглер әлге түссе бир жақсы қатын,
Үни шықпас, аның фейли кең болур.
Әжинияз дер, ғийбат сөзди сөйлеме,
Үрд етип, ғийбатты өзин излеме,
Қой сөзиңди, муннан артық сөйлеме,
Буннан көп сейлесең, сөзиң зәң болур.
***
Қыш ақрабы яқшы ғайры елаттан,
Ғайры елат яқшы жаман зүрияттан,
Жорғасыз, жүриссиз бир шабан аттан,
Қос арбаға белли өгиз яқшырақ.
***
Қасқалдаққа бир ағары май питсе,
Ғарқылдасып қонар көлин танымас,
Патшаның дәўлети қайтайын десе,
Көзине май питип, елин танымас.
Ялғаншыда өз теңинен кем болур,
Әреби ат арыса, жалы болмаса,
Арқасы яғырдан бойы ләң болур.
Йигитке әреби ат керек, әўелҳа,
Екинши зән керек хошрөй, базийа,
Андын соңра перзент керек ҳәм дүнья,
Дүньясызлар ләйлиў-нәҳәр тәң болур.
Хош жигитке керек бир яры зийба,
Қалем қас, қара көз, қамәти-рәғна,
Йигиттиң қатыны болса бийҳая,
Күнде үй ишинде ғаўға жәң болур,
Жаман қатын ериниң айтқанын етпес,
Сөзини тыңламас, кеўлине жетпес,
Күнде үй ишиниң ғаўғасы питпес,
Мәрт йигиттиң мудам ҳалы тәң болур.
Жаманнан жақсының сорасаң парқын,
Аспан жер арасы андын көп жақын,
Жаман қатын бийзар етер елатын,
Сөйлегенде жақсы менен тең болур,
Жақсы қатын ерур қуда неғмәти,
Өпсең, қушсаң әзиз жанның рәаәти,
Жақсы ярдың беглер билсең сөҳбети
Ялғаншыда жәннет билән тең болур.
Үйленсең үйленгил сорап ҳәм затын,
Исмин, нәслин, жети пушты-әждадын,
Беглер әлге түссе бир жақсы қатын,
Үни шықпас, аның фейли кең болур.
Әжинияз дер, ғийбат сөзди сөйлеме,
Үрд етип, ғийбатты өзин излеме,
Қой сөзиңди, муннан артық сөйлеме,
Буннан көп сейлесең, сөзиң зәң болур.
***
Қыш ақрабы яқшы ғайры елаттан,
Ғайры елат яқшы жаман зүрияттан,
Жорғасыз, жүриссиз бир шабан аттан,
Қос арбаға белли өгиз яқшырақ.
***
Қасқалдаққа бир ағары май питсе,
Ғарқылдасып қонар көлин танымас,
Патшаның дәўлети қайтайын десе,
Көзине май питип, елин танымас.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БОЛУРМЫ?
Алдынғы бөлимге қайтыў: НЕ БИЛСИН
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: