Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

НЕ БИЛСИН (NE BÍLSÍN)

Бир шопан дәстине түссе бир алмаз,
Шақмаққа харж етер, қадирин не билсин,
Қаразбан қолына түссе алғыр баз.
Қанатын қайырар, қәдирин не билсин.

Аспанды берк етпес Дабр, Курмийан,
Беглик ете билмес, берим бермиян,
Дүзде ашлық машақатын көрмиян,
Үйде ыссы нанның қәдирин не билсин.

Жүз қәдем жер пиядалап жүрмаян,
Аттың қәдирин билмес йолда ҳармаян,
Кемеси дәрбентте дилгир болмаян,
Қырда қара жердиң қәдирин не билсин.

Байларға ярашар – қайыр-сақаўат,
Пақырға ярашар сабыр-қанаат,
Хар сүрен тажыға түссе шапқыр ат,
Палаң шекип сүрер қадирин не билсин...



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЙИГИТЛЕР
Алдынғы бөлимге қайтыў: КЕРӘК (Шар тәрепдин)
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.