Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

КЕРӘК (Шар тәрепдин) (KERÁK (Shar tárepdin))

Шар тәрепдин меҳман келсе күтмәгэ,
Әўелҳа йигитке ҳиммәт-ҳал керәк,
Дилжәм болып үйдә тыныш ятмаға,
Көп генә бийҳисап дүнья-мал керек.

Йигит керәк дәрья киби ташмаға,
Кеўил пәрўаз етәр көкке ушмаға,
Үйге меҳман келсе, кеўил ашмаға,
Әдепли-әрканлы уғыл-зат керек.

Қулақ сал, яранлар, пәҳим үгитке,
Мийўа питпес қара тала, сөкиткә,
Беш күн ойнап-күлген ғошшақ йигиткә,
Қалем қаш, қыпша бел, қәдди дал керәк.

Тентекке – жудырық, мәжгүнгә – урыш,
Жиллигә–төбәләш, палўанға–тутыш,
Бедәўгә–йуўырыш, буўданға–йүриш,
Ябыға ҳәм қуйрық билән ял керәк.

Дийқана жер керәк, туқымыў-ҳөккиз,
Бүлбилә гүл керәк, назбайыў-әфруз,
Балықшыға дәрья ишрә, я теңиз,
Кишти керәк, йоқса жекен сал керәк.

Йук салмаға Шынмашиныў-Бухара
Русы, ноғай, Ходжәнд йәне Херата
Ҳағ бәзиргән саўдагәри базара.
Тақ өркешли әлўан-әлўан нар керек.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: НЕ БИЛСИН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҲӘР КИМ ХАТАМ БОЛУР ПАНИЙ ДҮНЬЯДА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.