Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҲӘР КИМ ХАТАМ БОЛУР ПАНИЙ ДҮНЬЯДА (HÁR KÍM XATAM BOLUR PANÍY DÚNYaDA)

Ҳәр ким Хатам болур паний дүньяда,
Бар болып дәўлети, болса ҳиммети,
Ҳәр кимлер етеди мақсуд–мурада,
Дурыс болса ықлас пенен нийети.

Кешти бу дүньяның малы-әмўалы
Болса сақаўаты, хайры-ихсаны,
Ер йигитке келсе бир күн мийманы,
Келур мийман билән худа рәҳмәти.

Бақыллар үйинен от-суў алдырмас,
Бир тон кийсе, он жылғаша тоздырмас,
Келсе мийман "жайым жоқ" деп қондырмас,
Ғаний болып, бар да болса дәўлети.

Яқшы болса ер йигитниң жананы,
Йигитниң ишинде қалмас әрманы,
Яман болса мәрт йигитниң алғаны,
Башында дүньянын қайғы-ғүлпети.

Дәўлетиң кем болса, алғаның яман,
Жылында үйине келмейди меҳман,
Зайыбың яқшы боп, болса мийирман,
Қатын емес, ол бир қуда нәғмети.

Адамнан шәрим етпей, қорықпай алладың,
Руўза тутмай ҳәм оқымай салатын,
Жаман қатын күн-түн гезер елатын,
Байы сапар шығып кетсе бир жети.

Зийўар айтар ҳақ әмирине бол қайыл,
Ҳақ жолында қурбан болды Исмаил,
Қаҳәрленип келсе бнр күн әзрайыл.
Бермей таслар бир дем ҳасла мәўлети.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КЕРӘК (Шар тәрепдин)
Алдынғы бөлимге қайтыў: МЕГЗЕР (Қыз бала)
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.