МЕГЗЕР (Қыз бала) (MEGZER (Qız bala))
Қыз бала кемала келсе,
Алмадек пишкәнә мегзер.
Мәўжирип аққан дүрьядай,
Толысып ташқана мегзер.
Шар тәрепке көзин салып.
Яр дәрдинен күйип-жанып.
Бир сөйлескен естен танып,
Шарапатлы жазға мегзер.
Он сегизге келсе жасы.
Қулпы дөнер көзи-қасы,
Ақылыңды алар жилўа-назы,
Таза ашылған гүлге мегзер.
Тал шыбықтай таўланып,
Таўыс киби ол сайланып.
Он тоғыз жаста доланып,
Ақылдан сасқана мегзер.
Бадам қабақ жүзинде қал,
Жолына бағыш дүнья мал,
Қумар көзли, зулпы талтал,
Он төрт күнлик айға мегзер.
Жаның ерир саўлатына,
Йош берген көңли шадына,
Гәплескен жетер мурадына,
Қолы жеткен ҳажға мегзер.
Қарасаң қәдди далына,
Келбети, сийне-салына,
Қанған дийдар жамалына,
Қанып ишкен палға мегзер.
Ҳаллас урған көңли қасте,
Көңил қосып ярыў-досқа,
Тоқтар емес таўда-таста,
Қус киби ушқана мегзер.
Яш жигитдур аҳыў-зары
Жаныңды алар көз қумары,
Түссе жүзине дийдары,
Қәдир сағымына мегзер.
Қағып кетсе көзи шалып,
Жилўа оты жаныңды алып,
Бир сөйлескен мийри қанып,
Шыпалы хастеге мегзер.
Тарттырған нешшеге зары,
Сүйгенниң тарқар қумары,
Сийнесинең қос әнары,
Беҳиш алмасына мегзер.
Яр жолында болып әда,
Бирнешени тутып яда,
Мысал, делбе жигирмада,
Сахаўатлы байға мегзер.
Бийўафадан яры болса,
Жолын тосып күйип-жанса,
Анасы жибермей қалса,
Зиндана түшкене мегзер,
Мая байлаған ярын сүймей,
Қостарым деп көзге илмей,
Қупияда ойнап-күлмей,
Минилмеген тайға мегзер.
Келсе бир күн мал байлаған,
Кеўлин ашып сорқайнаған,
Басын тарта алмай саўдадан,
Саллаққа түшкене мегзер.
Қабыл алып, толып таспай,
Ықлас пенен аяқ баспай,
Көйлек шешип кеўлин ашпай,
Дозаққа түшкене мегзер.
Мал бергени қайыл болса,
Қолына узатып алса,
Қәдирданы изде қалса,
Тахттан түшкене мегзер.
Жасы өтсе жигирмадан,
Өткени қыйын гирядан,
Жәрдем таппай бийўападан,
Өмири әрман-шерге мегзер.
Баяғылар хабар алмай,
Ойнап-күлип мийри қанбай,
Ойлаған мәқсети болмай,
Байлаўлы бир қусқа мегзер.
Жасы өтсе жигирма бестен,
Әрман-шер шығады иштен,
Бир әрманлы қолға түскен,
Иси миннет, назға мегзер.
Пәсең тартар кеўли бестен,
Хаўаланған бәлент-пәстен,
Жигирма төртте, жигирма бестен,
Нама кескен сазға мегзер.
Жигирма алты, жигирма жет
Туўры қарар саған бети,
Өсип-өниў ҳақ нийети,
Қурық басқан ғазға мегзер.
Делбе яңлы тасып-толып,
Ул қызының анасы болып,
Қызыл жүзи гүлдей солып,
Қазан урған гүлге мегзер.
Халықтың сорына көнип,
Ислери насырға дөнип,
Үрпек шаш сары тис болып,
Жанып сөнген отқа мегзер.
Отыз бес пенен отыз алты,
Баяғылар ядтан қалды,
"Өлим бергир" сөздиң салты,
Мысал, гөне қапқа мегзер.
Халайықлар, пәхим ет аны,
Қырқында болады кәйўаны.
Көбейер ҳазар, гүманы,
Жолдан адасқана мегзер.
Дүньяпараст болып шунақ,
Жәнжел табар келсе қонақ,
Қырқ бесте болар қызғаншақ,
Қызығы қашқана мегзер.
Пәтиўасыз ҳәм умытшақ,
Суў көтермес ол ашыўшақ,
Еллиде болар мақтаншақ,
Бир дағдан ашқана мегзер.
Шашы жумақтай ақ болар,
Адамгершиликтен сап болар,
Талабы сарсық гәп болар,
Алды бәлент таўға мегзер.
Бул дүньядан гүдер үзер,
Болып атқан исти сезер,
Басын қосып шөбире езер,
Дүньядан қайтқана мегзер,
Ғаррысы менен қас болар,
Баўыры қара тас болар,
Күннен-күнге қаллаш болар,
Жолға сайланғана мегзер.
Өлимнен келгендей хабар,
Шадлығың насырға шабар,
Аржағы таўсылмас сапар,
Бул дүнья ялғана мегзер.
Қыялым гезер ҳәр жаққа,
Бир гезлеспей дәўлет баққа,
Сақал-муртым толды аққа,
Әжинияз әрмана мегзер.
Алмадек пишкәнә мегзер.
Мәўжирип аққан дүрьядай,
Толысып ташқана мегзер.
Шар тәрепке көзин салып.
Яр дәрдинен күйип-жанып.
Бир сөйлескен естен танып,
Шарапатлы жазға мегзер.
Он сегизге келсе жасы.
Қулпы дөнер көзи-қасы,
Ақылыңды алар жилўа-назы,
Таза ашылған гүлге мегзер.
Тал шыбықтай таўланып,
Таўыс киби ол сайланып.
Он тоғыз жаста доланып,
Ақылдан сасқана мегзер.
Бадам қабақ жүзинде қал,
Жолына бағыш дүнья мал,
Қумар көзли, зулпы талтал,
Он төрт күнлик айға мегзер.
Жаның ерир саўлатына,
Йош берген көңли шадына,
Гәплескен жетер мурадына,
Қолы жеткен ҳажға мегзер.
Қарасаң қәдди далына,
Келбети, сийне-салына,
Қанған дийдар жамалына,
Қанып ишкен палға мегзер.
Ҳаллас урған көңли қасте,
Көңил қосып ярыў-досқа,
Тоқтар емес таўда-таста,
Қус киби ушқана мегзер.
Яш жигитдур аҳыў-зары
Жаныңды алар көз қумары,
Түссе жүзине дийдары,
Қәдир сағымына мегзер.
Қағып кетсе көзи шалып,
Жилўа оты жаныңды алып,
Бир сөйлескен мийри қанып,
Шыпалы хастеге мегзер.
Тарттырған нешшеге зары,
Сүйгенниң тарқар қумары,
Сийнесинең қос әнары,
Беҳиш алмасына мегзер.
Яр жолында болып әда,
Бирнешени тутып яда,
Мысал, делбе жигирмада,
Сахаўатлы байға мегзер.
Бийўафадан яры болса,
Жолын тосып күйип-жанса,
Анасы жибермей қалса,
Зиндана түшкене мегзер,
Мая байлаған ярын сүймей,
Қостарым деп көзге илмей,
Қупияда ойнап-күлмей,
Минилмеген тайға мегзер.
Келсе бир күн мал байлаған,
Кеўлин ашып сорқайнаған,
Басын тарта алмай саўдадан,
Саллаққа түшкене мегзер.
Қабыл алып, толып таспай,
Ықлас пенен аяқ баспай,
Көйлек шешип кеўлин ашпай,
Дозаққа түшкене мегзер.
Мал бергени қайыл болса,
Қолына узатып алса,
Қәдирданы изде қалса,
Тахттан түшкене мегзер.
Жасы өтсе жигирмадан,
Өткени қыйын гирядан,
Жәрдем таппай бийўападан,
Өмири әрман-шерге мегзер.
Баяғылар хабар алмай,
Ойнап-күлип мийри қанбай,
Ойлаған мәқсети болмай,
Байлаўлы бир қусқа мегзер.
Жасы өтсе жигирма бестен,
Әрман-шер шығады иштен,
Бир әрманлы қолға түскен,
Иси миннет, назға мегзер.
Пәсең тартар кеўли бестен,
Хаўаланған бәлент-пәстен,
Жигирма төртте, жигирма бестен,
Нама кескен сазға мегзер.
Жигирма алты, жигирма жет
Туўры қарар саған бети,
Өсип-өниў ҳақ нийети,
Қурық басқан ғазға мегзер.
Делбе яңлы тасып-толып,
Ул қызының анасы болып,
Қызыл жүзи гүлдей солып,
Қазан урған гүлге мегзер.
Халықтың сорына көнип,
Ислери насырға дөнип,
Үрпек шаш сары тис болып,
Жанып сөнген отқа мегзер.
Отыз бес пенен отыз алты,
Баяғылар ядтан қалды,
"Өлим бергир" сөздиң салты,
Мысал, гөне қапқа мегзер.
Халайықлар, пәхим ет аны,
Қырқында болады кәйўаны.
Көбейер ҳазар, гүманы,
Жолдан адасқана мегзер.
Дүньяпараст болып шунақ,
Жәнжел табар келсе қонақ,
Қырқ бесте болар қызғаншақ,
Қызығы қашқана мегзер.
Пәтиўасыз ҳәм умытшақ,
Суў көтермес ол ашыўшақ,
Еллиде болар мақтаншақ,
Бир дағдан ашқана мегзер.
Шашы жумақтай ақ болар,
Адамгершиликтен сап болар,
Талабы сарсық гәп болар,
Алды бәлент таўға мегзер.
Бул дүньядан гүдер үзер,
Болып атқан исти сезер,
Басын қосып шөбире езер,
Дүньядан қайтқана мегзер,
Ғаррысы менен қас болар,
Баўыры қара тас болар,
Күннен-күнге қаллаш болар,
Жолға сайланғана мегзер.
Өлимнен келгендей хабар,
Шадлығың насырға шабар,
Аржағы таўсылмас сапар,
Бул дүнья ялғана мегзер.
Қыялым гезер ҳәр жаққа,
Бир гезлеспей дәўлет баққа,
Сақал-муртым толды аққа,
Әжинияз әрмана мегзер.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҲӘР КИМ ХАТАМ БОЛУР ПАНИЙ ДҮНЬЯДА
Алдынғы бөлимге қайтыў: МЕГЗЕР (Қыял етсем)
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: