МЕГЗЕР (Қыял етсем) (MEGZER (Qıyal etsem))
Қыял етсем мениң көнлим,
Ертлеўдеги атқа мегзер,
Бир достыңнан кеўлиң қалса,
Ғәлет жазған хатқа мегзер.
Халайықлар, ойлап қара,
Татыўласар кем-кем ара,
Дус болсаңыз яқшы яра,
Өмириң гүлистана мегзер.
Ишиң толар намыс-арға,
Кеўил бермес рузигарға,
Исиң түссе пейли тарға,
Қәпеске түскене мегзер.
Жипек минез шын биймәлел,
Сөзлери шекер, ләбинде пал,
Қолыңа түссе бир гөззал,
Өмириң хошхала мегзер.
Ишиң толса әрман-шерге,
Кеўлиң мегзер қара жерге,
Жаман қатын жақсы ерге.
Таўсылмас дөҳметке мегзер.
Хош жигит болса ҳәмрайың,
Не қайғың бар, не пәрўайың,
Түлистан кеўил сарайың,
Қыс күнлериң жазға мегзер.
Пуллы болса кәспи-кәриң,
Душпанлардан өнер арың,
Ҳәмме сениң досың-ярың,
Төрт жағың қублаға мегзер.
Келтирсем ақыл-ойымды,
Дүньяның жоқдур тойымы,
Азада қыздың қойыны,
Жәннеттиң бағына мегзер.
Абадандур оңың-солың,
Жетеди ҳәр жерге қолың,
Болса жеделли мәрт улың,
Кеўлиң бәлент таўға мегзер.
Алыс-жақынды билмесе,
Кейнинде көзге илмесе.
Тийисли ҳақыңды бермесе,
Ағайының жаўға мегзер.
Сыр шашпас адам данасы,
Орынланар сөз сарасы,
Жаман қонсының арасы,
Күнде жәнжел-даўға мегзер.
Көкке жетер шеккен налаң,
Ойран болар жигер, санаң,
Ахмақ болса туўған балаң,
Өмириң зимистана мегзер.
Халайықлар, қулақ салың,
Буйырғаны мүлки малың,
Кеўлиңнен шықса ҳаялың.
Беҳиш ғулманына мегзер.
Туўысқаның болса пасық.
Жөн билмеген жүдә жасық,
Алыс-берис жоқ сыйласық,
Туўысқаның жатқа мегзер.
Халайыққа көз салмаса,
Ағайинди танымаса,
Балаң тилиңди алмаса,
Ишиң жанған отқа мегзер.
Жақсыда ашыў, кек болмас,
Бир яманлық яддан қалмас,
Ҳешким аяп нәзер салмас,
Ишиң жанған отқа мегзер.
Халыққа машқул тасқын дәўлет,
Ҳеш кимге болмаған үлпет,
Етпеген қайыр-сақаўат,
Мийўасыз бир талға мегзер.
Арасатшыл шын хунаба,
Етпесе ҳаққыңа дуўа.
Мәселе айтпаған улама,
Суўы жоқ арнага мегзер.
Ийемен деп уллы атаққа,
Аты белгили елатқа,
Жайылмаса сөзи халыққа,
Шайыр гөне тамға мегзер.
Адам улы – бәри адам,
Ҳаллас урғыл, кеўлим шадлан,
Пазийлет билмеген надан,
Төрт аяқлы малға мегзер.
Ертлеўдеги атқа мегзер,
Бир достыңнан кеўлиң қалса,
Ғәлет жазған хатқа мегзер.
Халайықлар, ойлап қара,
Татыўласар кем-кем ара,
Дус болсаңыз яқшы яра,
Өмириң гүлистана мегзер.
Ишиң толар намыс-арға,
Кеўил бермес рузигарға,
Исиң түссе пейли тарға,
Қәпеске түскене мегзер.
Жипек минез шын биймәлел,
Сөзлери шекер, ләбинде пал,
Қолыңа түссе бир гөззал,
Өмириң хошхала мегзер.
Ишиң толса әрман-шерге,
Кеўлиң мегзер қара жерге,
Жаман қатын жақсы ерге.
Таўсылмас дөҳметке мегзер.
Хош жигит болса ҳәмрайың,
Не қайғың бар, не пәрўайың,
Түлистан кеўил сарайың,
Қыс күнлериң жазға мегзер.
Пуллы болса кәспи-кәриң,
Душпанлардан өнер арың,
Ҳәмме сениң досың-ярың,
Төрт жағың қублаға мегзер.
Келтирсем ақыл-ойымды,
Дүньяның жоқдур тойымы,
Азада қыздың қойыны,
Жәннеттиң бағына мегзер.
Абадандур оңың-солың,
Жетеди ҳәр жерге қолың,
Болса жеделли мәрт улың,
Кеўлиң бәлент таўға мегзер.
Алыс-жақынды билмесе,
Кейнинде көзге илмесе.
Тийисли ҳақыңды бермесе,
Ағайының жаўға мегзер.
Сыр шашпас адам данасы,
Орынланар сөз сарасы,
Жаман қонсының арасы,
Күнде жәнжел-даўға мегзер.
Көкке жетер шеккен налаң,
Ойран болар жигер, санаң,
Ахмақ болса туўған балаң,
Өмириң зимистана мегзер.
Халайықлар, қулақ салың,
Буйырғаны мүлки малың,
Кеўлиңнен шықса ҳаялың.
Беҳиш ғулманына мегзер.
Туўысқаның болса пасық.
Жөн билмеген жүдә жасық,
Алыс-берис жоқ сыйласық,
Туўысқаның жатқа мегзер.
Халайыққа көз салмаса,
Ағайинди танымаса,
Балаң тилиңди алмаса,
Ишиң жанған отқа мегзер.
Жақсыда ашыў, кек болмас,
Бир яманлық яддан қалмас,
Ҳешким аяп нәзер салмас,
Ишиң жанған отқа мегзер.
Халыққа машқул тасқын дәўлет,
Ҳеш кимге болмаған үлпет,
Етпеген қайыр-сақаўат,
Мийўасыз бир талға мегзер.
Арасатшыл шын хунаба,
Етпесе ҳаққыңа дуўа.
Мәселе айтпаған улама,
Суўы жоқ арнага мегзер.
Ийемен деп уллы атаққа,
Аты белгили елатқа,
Жайылмаса сөзи халыққа,
Шайыр гөне тамға мегзер.
Адам улы – бәри адам,
Ҳаллас урғыл, кеўлим шадлан,
Пазийлет билмеген надан,
Төрт аяқлы малға мегзер.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МЕГЗЕР (Қыз бала)
Алдынғы бөлимге қайтыў: БОЛМАСА
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: