Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

КЕРЕК (Баҳадыр ғошшақ жигитке) (KEREK (Bahadır ǵoshshaq jigitke))

Баҳадыр ғошшақ жигитке,
Халыққа мәлим батыр мәртке,
Бәрдаш берер қайғы дәртке,
Жанажан ғардашы керек.

Жигит шықса узақ жолға,
Жаў-жарағын алып қолға,
Сермеп қылыш оңлы-солға,
Жол баслар сәрдары керек.

Малы көп сансыз байларға,
Апармай мереке-тойларға,
Кейнине салыўға қойларга,
Қулағы кесик қул керек.

Ўақтым өтти сәрдар деген,
Саўаш болса қардар деген,
Бул гәпимниң парқын билген,
Удайына айтыў керек.

Сөгис келтирип атаға,
Исин жиберип қатаға,
Аўылдағы кәтқудаға,
Саны жоқ пара пул керек.

Халық сораған аталыққа,
Исин жүритип қаталлыққа,
Күш берип өнбес салыққа,
Халықты постырған шул керек.

Қумартып тегин ақшаға,
Адамды көмип пақшаға,
Халықты сораған патшаға,
Күнде-күнде урыс керек.

Сорлы пухара халыққа,
Қол созып бәрҳә жарыққа,
Көнбей бирнеше салыққа,
Жайнап-жаснар заман керек.

Өмиринше жарымай пулға,
Иси баспай бәрҳа оңға,
Сорқайнаған сорлы қулға,
Жайнап-жаснар заман керек.

Шад болып дәўран сүриўге,
Паянлы дүнья көриўге.
Қатар-қурбы менен жүриўге,
Әжиниязға заман керек.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚӘДИРИНӘН
Алдынғы бөлимге қайтыў: АЙРЫЛСА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.