АЙРЫЛСА (AYRILSA)
Ашықлар ағлайўр ләйлиў-нәҳары,
Қара көзли қәдди далдын айрылса,
Руўзы-шәп қан йутып шекерлер зары,
Шийрин сөзли сүшүк тилдин айрылса.
Ашық-машуқ ушун жаныдын кешәр,
Мүдам ышқы отына өртәниб пишәр,
Ер йигит қайғыў йеб, күндә қан ишәр,
Несиб айра түшиб елдин айрылса.
Сәмәк өлүр, суўдын айрылса бир күн,
Қанаты суў болса, ушалмас сүлгүн,
Қаршыға, ийтелги йенә ақ туйғын,
Йемин табмас қоша балдын айрылса.
Елинен айрылған дийўана болүр,
Ярынан айрылған бийгәна болүр,
Ҳәррелер ушубан пәрўана болүр,
Уясы бузылып, палдан айрылса.
Ғош йигитниң дәўлети бар башында,
Ҳәм ағасы ҳәм иниси қашында,
Ҳәрким өз елинде, теңи тушында.
Йигит қәдири болмас елдин айрылса.
Бағлар дала олур келсе хүб бәҳәр,
Қазан үрса, солар ғуншалы-гүлләр,
Йылына йетмәйин азарлар-тозар,
Қатунлар түл қалыб ердин айрылса.
Йигит қашшақ болур сөҳбәти болмас,
Ағайин-халықара иззети болмас,
Мейлис-мәрәкәдә, ҳүрмәти болмас.
Йигит қашшақ олуб, малдын айрылса.
Дәҳ дегендә озан қанатлы қушдан,
Туяқы нәҳәлли алтун күмүшдән,
Алма көз әрәби ат қалур минишдән,
Қуйрығы дөкилип, ялдын айрылса.
Зийўар айтур саңа келүр шум өлүм,
Сөзле қазан урып солмайын гүлиң,
Сөзләмәкдин қалур бу қызыл тилиң,
Бир күн шыбын киби жандын айрылса.
***
Тулпар деген ябы яңлы болмайды,
Таўдан қайтпас дойнағынан айрылса,
Дәрт көбейсе тәнде дәрман қалмайды,
Жер таянып қанатынан қайрылса.
Адам уғлы-ҳәргиз ғапыл болмасын,
Қызыл гүли ғумшаланып солмасын.
Ақ жүзине сарғыш қайғы толмасын,
Ҳалы қыйын қанатынан қайрылса.
Бул дүньяның көрки адам баласы,
Адамның да көкке жетер наласы.
Көңилдиң көп болар қайғы жапасы.
Хош қылықлы сәўер ярдан айрылса.
Бүлбил қәпесте тур сайрарға тезден,
Шешенлер утылса туўрылық сөзден,
Көргишлер айрылса ол еки көзден,
Қыйын болар ғапилетте айрылса.
Бул дүнья өтерлер енди басыңнан,
Қатар-яраныңды алып қасыңнан,
Зәҳәр-заққым етип ишкен асыңнан,
Әрман билен бул дүньядан айрылса.
Дүнья бетердур, ойлаған жигит,
Жас үлкенге ҳешўақ бермеңлер сөгит,
Жақсы-жаман болар, ис болса бийқут,
Аның парқы адам елден айрылса.
Алғыр қус хор болар балдан айрылса,
Ер жигит хор болар малдан айрылса,
Жасы алпыс үшке шыққан мамалар,
"Бақтым қара" – дейди шалдан айрылса.
Қара көзли қәдди далдын айрылса,
Руўзы-шәп қан йутып шекерлер зары,
Шийрин сөзли сүшүк тилдин айрылса.
Ашық-машуқ ушун жаныдын кешәр,
Мүдам ышқы отына өртәниб пишәр,
Ер йигит қайғыў йеб, күндә қан ишәр,
Несиб айра түшиб елдин айрылса.
Сәмәк өлүр, суўдын айрылса бир күн,
Қанаты суў болса, ушалмас сүлгүн,
Қаршыға, ийтелги йенә ақ туйғын,
Йемин табмас қоша балдын айрылса.
Елинен айрылған дийўана болүр,
Ярынан айрылған бийгәна болүр,
Ҳәррелер ушубан пәрўана болүр,
Уясы бузылып, палдан айрылса.
Ғош йигитниң дәўлети бар башында,
Ҳәм ағасы ҳәм иниси қашында,
Ҳәрким өз елинде, теңи тушында.
Йигит қәдири болмас елдин айрылса.
Бағлар дала олур келсе хүб бәҳәр,
Қазан үрса, солар ғуншалы-гүлләр,
Йылына йетмәйин азарлар-тозар,
Қатунлар түл қалыб ердин айрылса.
Йигит қашшақ болур сөҳбәти болмас,
Ағайин-халықара иззети болмас,
Мейлис-мәрәкәдә, ҳүрмәти болмас.
Йигит қашшақ олуб, малдын айрылса.
Дәҳ дегендә озан қанатлы қушдан,
Туяқы нәҳәлли алтун күмүшдән,
Алма көз әрәби ат қалур минишдән,
Қуйрығы дөкилип, ялдын айрылса.
Зийўар айтур саңа келүр шум өлүм,
Сөзле қазан урып солмайын гүлиң,
Сөзләмәкдин қалур бу қызыл тилиң,
Бир күн шыбын киби жандын айрылса.
***
Тулпар деген ябы яңлы болмайды,
Таўдан қайтпас дойнағынан айрылса,
Дәрт көбейсе тәнде дәрман қалмайды,
Жер таянып қанатынан қайрылса.
Адам уғлы-ҳәргиз ғапыл болмасын,
Қызыл гүли ғумшаланып солмасын.
Ақ жүзине сарғыш қайғы толмасын,
Ҳалы қыйын қанатынан қайрылса.
Бул дүньяның көрки адам баласы,
Адамның да көкке жетер наласы.
Көңилдиң көп болар қайғы жапасы.
Хош қылықлы сәўер ярдан айрылса.
Бүлбил қәпесте тур сайрарға тезден,
Шешенлер утылса туўрылық сөзден,
Көргишлер айрылса ол еки көзден,
Қыйын болар ғапилетте айрылса.
Бул дүнья өтерлер енди басыңнан,
Қатар-яраныңды алып қасыңнан,
Зәҳәр-заққым етип ишкен асыңнан,
Әрман билен бул дүньядан айрылса.
Дүнья бетердур, ойлаған жигит,
Жас үлкенге ҳешўақ бермеңлер сөгит,
Жақсы-жаман болар, ис болса бийқут,
Аның парқы адам елден айрылса.
Алғыр қус хор болар балдан айрылса,
Ер жигит хор болар малдан айрылса,
Жасы алпыс үшке шыққан мамалар,
"Бақтым қара" – дейди шалдан айрылса.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КЕРЕК (Баҳадыр ғошшақ жигитке)
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҲӘР ЖЕРЛЕРДЕ ДИЛГИР МҮТӘЖ БОЛСАҢЫЗ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: