Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҲӘР ЖЕРЛЕРДЕ ДИЛГИР МҮТӘЖ БОЛСАҢЫЗ (HÁR JERLERDE DÍLGÍR MÚTÁJ BOLSAŃIZ)

Ҳәр жерлерде дилгир мүтәж болсаңыз,
Сонда белли дәркар ўәждиң қымматы,
Несип айдап елдек айра түшсеңиз,
Сонда белли үйде ҳәздин ләззети.

Аңламай ладанға ашна болсаңыз,
Жақсы емес сөз астында қалсаңыз,
Душ келип нәмәртке меҳман болсаңыз,
Сонда белли ғош йигиттиң хызмети.

Зейни әйлеп ҳәр нышана түшмегә,
Көңил қойып пәрўаз етип ушмаға,
Ғам-қайғыў, қәпесте көңлиң ашмаға,
Сонда дәркер шийрин сөздиң ләззети.

Нәмәрттен бир нәрсе сораса ғәрип,
Нәрсе бермес йүз мың барса жалбарып,
Жаманды өлимдин алсаң қутқарып,
Болмас ҳеш бир сеннен зәрре миннети.

Ғош йигитке түшсе қаттық саўдалар,
Достың зар йығлайып, душман табалар,
Кетпес ҳеш ызасы беглер, ағалар,
Ғош йигит наҳақтан тартса дөҳмәти.

Дүньяда Зийўардек дәртли киши йоқ,
Байдәртлерниң аның билен иши йоқ,
Ялғаншыда зәрре көңил хошы йоқ,
Жоқшылықтан ҳәрдем шекер зәҳмети.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АЙРЫЛСА
Алдынғы бөлимге қайтыў: АҚЫЛ-НӘСИЯТ ҚОСЫҚЛАРЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.