Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҒАМ ЙЕМӘ (ǴAM YEMÁ)

Мени кетти дийуп көзден яш төкип,
Бойның бурып мәлул болып ғам йәмә,
Әлипдек қәддиңни яй киби бүкип,
Бойның бурып, Ҳүрзадажан, ғам йеме.

Мен кетермен алты ай арқаға йайағ,
Игнимде қоржыным, әлгимде таяқ,
Мен кетермен, балам, енди әлўидағ,
Бойның бурып, Ҳүрзадажан, ғам йемә,

Көзиңдин яш төкип, болмағыл мәҳзун,
Ғам шекип ҳалынны әйлеме зәбун,
Сағ олсам, иншалла келурмән бир күн,
Мен келурмән, Ҳүрзадажан, ғам йемә.

Мәни кетти дийүб, жаным, ағлама,
Хунабалар йутып бағрың дағлама,
Ерте турып, ата дийип йығлама,
Мен келурмән, Ҳүрзадажан, ғам йемә.

Ғам ғуссада олма пистә дәҳаным,
Лафзы жандын сүшик, шийрин зибаным,
Келурмән бар олса тәнде бу жаным,
Бойның бурып, Ҳүрзадажан, ғам йемә.

Иншалла, көрермән, жамалың келип,
Йүргисәң сағ олып, ойнайын-күлип,
Мен келүрмән, ҳәрне тапқаным алып,
Бойның бурып, Ҳүрзадажан, ғам йемә.

Қәддиңни бүкмәгил хунаба йутып,
Гүл йүзин солдырма ҳеш матам тутып,
Келурмән өлмәсәм, әжелим йетип,
Бойның бурып, Ҳүрзадажан, ғам йемә.

Йығламағыл, өмириң болсын зыяда,
Қайғы шекип қан йутмағыл дүньяда,
Көзиңдин яш төкип, қызым Ҳүрзада,
Бойның бурып, Ҳүрзадажан, ғам йемә.

Кетер болды атаң Ҳажыниязы,
Сағ олсам келурмән барып шул язы,
Бәнагә мәўит олсам болғайсаң разы,
Бойның бурып, Ҳүрзадажан, ғам йемә.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӘЖИНИЯЗДЫҢ ГҮЛЗАДА МЕНЕН ХОШЛАСЫЎЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ХОШ ИМДИ (Атасына айтқаны)
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.