ХОШ ИМДИ (Атасына айтқаны) (XOSh ÍMDÍ (Atasına aytqanı))
Қашшақлық дүньяда ҳәрнедин яман,
Кетер олдым мәңа рухсат бер имди,
Айланып келгенше болғайсыз аман,
Меҳрибан мушфықым кабам, хош имди.
Бақсам ҳеш нәмә йоқ солы-сағымда,
Қабаб олдым мен пақырлық дағында,
Әйра туштим, яшың еткен шағыңда,
Меҳрибан мушфықым, рухсат бер имди.
Ғапыл олма яд ет ҳақны субҳы-шам,
Ҳақның зикри билән болғайсаң даўам,
Тил үзре дуғада болғыл әлмудам,
Меҳрибан мушфықым, рухсат бер имди.
Яшың етип сениң өтти заманың,
Йелдек елип йүкирип өтти дәўраның,
Мәҳшәр күни йолдаш болсын ийманың,
Ғамхорым, атажан, қолың бер имди.
Кетер болды уғлың Хажыниязы,
Аман болса, барып қайтар шул язы,
Бәнәгә мәўит олсам, болғайсаң разы,
Кем кеўилли гедей атам, хош имди.
Сәргиздан йолыны еттим ирада,
Қудайым йеткергей мақсуд-мурада,
Уғлыңның ҳаққында болып дуғада,
Меҳрибан мушфықым кабам, хош имди.
Мыңда бир ырзаман ата мен сендин,
Келурмән шықмаса жаным бул тәндин,
Жан барда – қаза бар, ырза бол мендин,
Ғамхорым атажан, қолың бер имди.
Ҳәжинияз айтур, төккил көз яшың,
Сениң бел мәдарың, көңил қуўанышың,
Мәўит олсаң, ийманың болғай йолдашың,
Ғамхорым атажан, қолың бер имди.
Кетер олдым мәңа рухсат бер имди,
Айланып келгенше болғайсыз аман,
Меҳрибан мушфықым кабам, хош имди.
Бақсам ҳеш нәмә йоқ солы-сағымда,
Қабаб олдым мен пақырлық дағында,
Әйра туштим, яшың еткен шағыңда,
Меҳрибан мушфықым, рухсат бер имди.
Ғапыл олма яд ет ҳақны субҳы-шам,
Ҳақның зикри билән болғайсаң даўам,
Тил үзре дуғада болғыл әлмудам,
Меҳрибан мушфықым, рухсат бер имди.
Яшың етип сениң өтти заманың,
Йелдек елип йүкирип өтти дәўраның,
Мәҳшәр күни йолдаш болсын ийманың,
Ғамхорым, атажан, қолың бер имди.
Кетер болды уғлың Хажыниязы,
Аман болса, барып қайтар шул язы,
Бәнәгә мәўит олсам, болғайсаң разы,
Кем кеўилли гедей атам, хош имди.
Сәргиздан йолыны еттим ирада,
Қудайым йеткергей мақсуд-мурада,
Уғлыңның ҳаққында болып дуғада,
Меҳрибан мушфықым кабам, хош имди.
Мыңда бир ырзаман ата мен сендин,
Келурмән шықмаса жаным бул тәндин,
Жан барда – қаза бар, ырза бол мендин,
Ғамхорым атажан, қолың бер имди.
Ҳәжинияз айтур, төккил көз яшың,
Сениң бел мәдарың, көңил қуўанышың,
Мәўит олсаң, ийманың болғай йолдашың,
Ғамхорым атажан, қолың бер имди.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҒАМ ЙЕМӘ
Алдынғы бөлимге қайтыў: КӨК ШОЛАҚ ИЙТКЕ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: