Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ӘЖИНИЯЗДЫҢ ГҮЛЗАДА МЕНЕН ХОШЛАСЫЎЫ (ÁJÍNÍYaZDIŃ GÚLZADA MENEN XOShLASIWI)

^Гүлзада –
Кетермен дегели болды бирталай,
Соннан берли ақтарылды сыр талай,
Ақыр бүгин жолға шықтын бул қалай?
Сапар еткен сәўер ярым, бар енди.

^Әжинияз –
Қыйланба қостарым, енди кетермен,
Басқа түссе кетпесликке нетермен,
Гүзде кетсем, келер жазда жетермен,
Жылай бермей-ақ қой жуптым, қал енди.

^Гүлзада –
Кетсең де қостарым, кеўил суўытпа,
Жазға жетпей айланагөр жуўықта,
Нағметулла, Ҳүрзаданы умытпа,
Алла ярың болсын, жаным, бар енди.

^Әжинияз –
Мәкан етип жатқан адам даланы,
Умытар ма үйде қалған баланы,
Умытар деп бизге қойма гүнаны,
Айтқан сөзлериме қулақ сал енди.

^Гүлзада –
Жаным саған неге гүна қояйын,
Наҳақ гүна қойсам ҳақтан табайын,
Кеткениңнен баслап күнди санайын,
Жолға жалтаңлатқан жаным, бар енди.

^Әжинияз –
Жылама да, жолыма да қарама,
Душпанға сыр берип, мени сорама,
Көз қулақ бол қызым менен балама,
Ул-қыздың анасы ярым, қал енди.

^Гүлзада –
Қолда қалған улың менен қызың бар,
Ул-қызыңа хош мулақат сөзиң бар,
Қостарыңа қарамаған гезиң бар,
Хош, ашыўлы арысланым, бар енди.

^Әжинияз –
Ер жетпей-ақ ес ақылдан бос қалды,
Улым-қызым екеўи де жас қалды,
Қуўатсыз аўқатсыз, қарны аш қалды,
Үйимниң ийеси ярым, қал енди.

^Гүлзада –
Мениңдей муңлыны жылатып изде,
Кетип баратырсаң қалдырып изге,
Жазында келегөр айланбай гүзге,
Жолыңа қылайын пидә жан енди.

^Әжинияз –
Гүзден бурын бир келермен айланып,
Қалмаса ояқта қолым байланып,
Мениң кеткениме жүрме қыйналып,
Қапа болма қәўендерим, қал енди.

^Гүлзада –
Кеткениңе неге болайын қапа,
Елде көп ағайин қарындас апа,
Егленип өзинди қылма бийўапа,
Сапар еткен сәўер ярым, бар енди,

^Әжинияз –
Сәл жерде басымды салдым сапарға,
Кетти деп айтарсан молла Жапарға,
Ҳүрзаданы жат жерлерге апарма,
Мениң берген нәсиятым ал енди,

^Гүлзада –
Бар машқала қарап турса ҳаялға,
Ҳаялың дөнбейме түрли қыялға,
Айтып кет көңлиңди меннен уялма,
Қуда қосқан қарыйдарым, бар енди.

^Әжинияз –
Гүзде кетип жаз айында келмесем,
Тапқан-тергенимди әкеп бермесем,
Алты айда ақ жүзиңди көрмесем,
Дүнья бизге алақаннан тар енди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚАЛ ИМДИ (Әжинияздың баласына айтқаны)
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҒАМ ЙЕМӘ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.