Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

МОЛЛА ЕРИМӘ (MOLLA ERÍMÁ)

Мән кетәрмән сәргиздана, Абдулла,
Мәндин сәлам дегил молла Еримә,
Әжран әзийм тапқайсаң таңла, Абдулла,
Мәндин сәлам дегил молла Еримә.

Мен кетәрмән узақ йола қан йутып,
Қоймасын дуўада мени унытып,
Мениң билән Абдулла қолны тутышып,
Көп-көп сәлам дегил молла Еримә.

Қудайым етмегей ғамым зыяда
Яд әйлесин беш ўақ мәни дуўда,
Қашшақлық дәрдидин кеттим пияда,
Мәндин сәлам дегил молла Еримә,

Қудайым өмир берип бизгә кәмалың,
Тиләрмән қудадын аның ўысалын,
Кетдим бир көре алмай гүлдек жамалын,
Көп-көп сәлам дегил молла Еримә.

Кеттим бир көре алмай мүбәрек йүзин,
Көзге сүрмә қылсам пайынын тозын,
Қарыздарман ишип-йедим көп дузын,
Көп-көп сәлам дегил молла Еримә.

Мән кетәрмән узақ йолға йол йүрип,
Сийнәмни чәк етип, йүз мың аҳ урып,
Әрмандаман кетә алмадым бир көрип,
Көп-көп сәлам дегил молла Еримә.

Әрмандаман кетә алмадым ушырашып,
Көзимдин яш төкип аңа хошлашып,
Аллаяр деп қайырлашып, хошлашып,
Көп-көп сәлам дегил молла Еримә.

Ҳажынияз кетти көзден яш дөкип,
Әлиптек қәддини ян киби бүкип,
Ғамий, ҳижран билән бағрини сөкип,
Көп-көп сәлам дегил молла Еримә.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ШЫҚТЫ ЖАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: СӘЛЕМ ДЕГЕЙСЕҢ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.