ШЫҚТЫ ЖАН (ShIQTI JAN)
Көп сәлем мендин бирадар ашнайыў, дүў жәҳан,
Шиддәти рузый жудалықдур, қыямәтдин йаман,
Алты сан алашны гездим, тапмадым намыў-нышан,
Иншаалла, гүзге елге барарман болсам аман,
Аҳ, дарийға, ўаҳ, дәрийғ, мың саны әрман шықты жан.
Тәкийә әйлеп ол халқыў, әлемди мен еттим сапар,
Тапмадым мәҳбубымны гезип жаҳанды ҳеш хабар,
Шарқ урып гезип жаҳанны, жутыўбан қаныў-зәҳәр,
Көзиме уйқы алмайын, зар ағлабәм шамыў-сәҳәр,
Аҳ, дәрийға, ўақ дәрийғ, мың саны әрман шықты жан.
Назарыў-Шүренни гездим, ҳәм және қара кесек,
Ожрайыў-Кетени гездим, халық ара болдым өсек,
Гездим ол ноғай, орысты, ҳәмдағы Қыпшақ, Естек.
Билмәдим ҳасла хабар, кимдин сорағлап жекме-жек,
Аҳ, дәрийға, ўақ, дәрийғ, мың саны әрман шықты жан.
Жақайым, Жекейни гездим, қырғызыў-уўақ билән,
Шылжыўыт, Шүйитни гездим ҳәм Тилеўқабақ билән,
Бир неше күн ҳәмра болдым лағнәтий саяқ билән,
Гезлесип улфәт олдым, бир пара қазақ билән,
Аҳ, дарийға, ўақ, дәрийғ, мың саны әрман шықты жан.
Мен аралап көрмишәм Байбахты улы Қадыр сыйық,
Бул қазаққа хан болып өткен екен Султан шыйық,
Ашшы ойыл, Қишик ойыл, Қобда, Елек гездим Жайық,
Қалды мендин гезбеген ең арқада Қулан кийик,

Есентемир бәрше урығын гезер ердим аралап,
Мени көрип қуўалады беш уғры атын сабалап,
Атны услап туттылар, найза, қылышқа жаралап,
Қыяметлик дос уқынды қушақласып жол сорағлап,

Дәрбәдәр болып гезибан, бул алашта нешше ай,
Гапмадым ҳеш бир хабар кимдин сорасаң, назнай,
Қалмады ҳеш бир Алаш, мен гезмеген мәгәр адай,
Бул пәләкниң гәрдишийдин болды бағрым байбай,

Көрдим ол Арыслан султанны – гүллән қазақнын ағасы,.
Мыс-қола, жезден қуйылмыш еркен атының тағасы,
Көйлеки қулпылы шыт, қундыз тонының жағасы
Хуп-әжеп намаз оқырлар қатыны, бала-шағасы,

Гездим ол ноғай, орысны ҳәм Орынбор қаласын,
Кеше күндиз зар етип, әйлеп қудаға наласын,
Әлиме алып ўарақны яд етип ким хамасин,
Хат қылып жаздым қағазға, бул мүҳәммес намасын,

Молла Ерим, сен оқығыл ашыпки Зийўар дәптерин,
Тапмадым ҳасла хабар, гезип жаҳанның кишўарин,
Ақылы-ҳуўшым кетти излеп, ол залымның духтарын,
Гезип ол ерниң йүзин, минип алашның атларын,

Бу қазақның жоқдур ханы, муфты, рәйис, қазысы,
Ләҳзе саат қарары жоқ, гүз, қысы, бәҳәр, жазысы,
Өзини суўпы тутар ҳарзми ишип-жеп, бағзысы,
Қазан-аяқ, табағын аралап жүрер тазысы,

Бар екен бир арыўы, аты оның Айша ерүр,
Қулшық ойда көрдим аны, беллери қылшә ерүр,
Йол азабын көп көрипмән, ҳәр саатым куншә ерүр,
Ҳәр күним айша ерүр, ҳәрбир айым йылша ерүр,

Бәндедурман, разыман, қәдир худаның әмирине,
Қабылыў-қайыл ерүрман, шум пәлектиң жәбирине,
Сағ-саламат барсам елге, гүз өтип, жаз бәҳәрине,
Қөрмәнәм қайтып бу журтны, барсам Хорезм шәҳрине,

Молла Зийўар аҳ шекер, әйлеп худаға аҳы-зар,
Бул жаҳанды зиндан етти, бизге ол пәрўәрдигәр,
Жатқаным Алласүгир үйи, урыўы Әждар,
Бул саламымды елиме жеткериңлер зинҳар,

Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: НУРҒАЛИЙҒА
Алдынғы бөлимге қайтыў: МОЛЛА ЕРИМӘ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: