СӘЛЕМ ДЕГЕЙСЕҢ (SÁLEM DEGEYSEŃ)
Абдуллажан, сәна атам ушыраса,
Ҳәжынияз сәлам деди дегейсең,
Көзи яшлығ, мунлығ анам ушыраса,
Уғлың мәндин сәлам деди дегейсең.
Уғлыңызның мәшаққаты зыяда,
Әлинде таяқы, өзи пияда,
Руўзы шәп әлмудам болсун дуўада,
Уғылыңыз сәлам деди дегейсең.
Мен кетәрмән көздин қанлы яш ақып,
Дүнья дийип жисмим отлара яқып,
Дәсмаясыз сәргиздана ылақып,
Меҳрибан атамға сәлам дегейсең.
Мен кетмишәм йүрттын шықып, аҳ урып,
Қайыл олып, ҳақның әмирине көнип,
Ҳүрзадажан келсә сәна йүкирип,
Атаң мәндин сәлам деди дегейсең.
Халыс сәламымны еткүр сән мендин,
Келурмән шийрин жан шықмаса тәндин,
Нағметилла келип сораса сәндин,
Йол үзирә атаңды көрдим дегейсең.
Сағ-саламәт барсаң мундын елимә,
Муҳәммәнияз, Шанияз еки инимә,
Мендин сәлем дегил молла Еримә,
Ҳажынияз сәлам деди дегейсең.
Қалпақыйман деди ҳаслы ҳәм задын,
Сандағлыман деди сорсаң елатын,
Биләй деп сордым сизге өз атым,
Атым Ҳажынияз деди дегейсең.
Қашыма бир молла келип қой көзли,
Мияна кәд, сушик тилли нур йүзли,
Ләбизи қандыў набат ҳәм шийрин сөзли,
Мәндин сана сәлам деди дегейсең.
Улығ-кишик ғәрез улығ елимә,
Ҳәмдәм олып бизиң билән йүрәне,
Ашамайлы-қыят бизни биләнә,
Ҳажынияз сәлам деди дегейсең.
Ҳәжынияз сәлам деди дегейсең,
Көзи яшлығ, мунлығ анам ушыраса,
Уғлың мәндин сәлам деди дегейсең.
Уғлыңызның мәшаққаты зыяда,
Әлинде таяқы, өзи пияда,
Руўзы шәп әлмудам болсун дуўада,
Уғылыңыз сәлам деди дегейсең.
Мен кетәрмән көздин қанлы яш ақып,
Дүнья дийип жисмим отлара яқып,
Дәсмаясыз сәргиздана ылақып,
Меҳрибан атамға сәлам дегейсең.
Мен кетмишәм йүрттын шықып, аҳ урып,
Қайыл олып, ҳақның әмирине көнип,
Ҳүрзадажан келсә сәна йүкирип,
Атаң мәндин сәлам деди дегейсең.
Халыс сәламымны еткүр сән мендин,
Келурмән шийрин жан шықмаса тәндин,
Нағметилла келип сораса сәндин,
Йол үзирә атаңды көрдим дегейсең.
Сағ-саламәт барсаң мундын елимә,
Муҳәммәнияз, Шанияз еки инимә,
Мендин сәлем дегил молла Еримә,
Ҳажынияз сәлам деди дегейсең.
Қалпақыйман деди ҳаслы ҳәм задын,
Сандағлыман деди сорсаң елатын,
Биләй деп сордым сизге өз атым,
Атым Ҳажынияз деди дегейсең.
Қашыма бир молла келип қой көзли,
Мияна кәд, сушик тилли нур йүзли,
Ләбизи қандыў набат ҳәм шийрин сөзли,
Мәндин сана сәлам деди дегейсең.
Улығ-кишик ғәрез улығ елимә,
Ҳәмдәм олып бизиң билән йүрәне,
Ашамайлы-қыят бизни биләнә,
Ҳажынияз сәлам деди дегейсең.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МОЛЛА ЕРИМӘ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ХОШЛАСЫЎ ҲӘМ СӘЛЕМНАМАЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: