АЛАРША (ALARShA)
– О, таў суўы, неге бәрҳама
Шала өкпе болып шабасаң?
Көксиңди сен қыя тасларға
Урып,
Урып,
Урып ағасаң?
– Мен тәкаббыр сулыў қыз едим,
Жигитлерди мисе тутпаған.
Бир жигитке мен былай дедим:
«Кет жоғал сен, көринбе маған!»
Жигит мыйық тартты бир күлип,
Басқалардай ашыўланбады.
Қыз кеўлиниң соншелли бийик,
Сонша нәзиклигин аңлады.
Ҳәм еситтим алыс таўларда
Қорғап мениң қыз намысымды,
Жалғыз қарсы шығып жаўларға,
Мени ойлап жүрген деп муңлы.
Көрдим сол жигитти түсимде:
Жараланып қулапты аттан,
Ондай болып мени ҳеш ким де
Сүйе алмасын мен аңламаппан.
Бир басына аўыр күн туўып,
Жатса керек далада қашшан.
Сол жигиттиң жарасын жуўып,
Сол жигиттиң бир шөлин бассам.
Сол ушын да секирип жарға,
Өрден ыққа қарай шабаман,
Ақ көксимди қара тасларға
Урып,
Урып,
Урып ағаман.
Сентябрь, Фрунзе. 1975-жыл.
Аларша – қырғыз елиндеги бир таў дәрьясы. (И. Ю.)
Шала өкпе болып шабасаң?
Көксиңди сен қыя тасларға
Урып,
Урып,
Урып ағасаң?
– Мен тәкаббыр сулыў қыз едим,
Жигитлерди мисе тутпаған.
Бир жигитке мен былай дедим:
«Кет жоғал сен, көринбе маған!»
Жигит мыйық тартты бир күлип,
Басқалардай ашыўланбады.
Қыз кеўлиниң соншелли бийик,
Сонша нәзиклигин аңлады.
Ҳәм еситтим алыс таўларда
Қорғап мениң қыз намысымды,
Жалғыз қарсы шығып жаўларға,
Мени ойлап жүрген деп муңлы.
Көрдим сол жигитти түсимде:
Жараланып қулапты аттан,
Ондай болып мени ҳеш ким де
Сүйе алмасын мен аңламаппан.
Бир басына аўыр күн туўып,
Жатса керек далада қашшан.
Сол жигиттиң жарасын жуўып,
Сол жигиттиң бир шөлин бассам.
Сол ушын да секирип жарға,
Өрден ыққа қарай шабаман,
Ақ көксимди қара тасларға
Урып,
Урып,
Урып ағаман.
Сентябрь, Фрунзе. 1975-жыл.
Аларша – қырғыз елиндеги бир таў дәрьясы. (И. Ю.)
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚЫРҒЫЗ ГАИ ЕРКИНГЕ ЧЕСТЬ БЕРЕДИ...
Алдынғы бөлимге қайтыў: СОҢ КӨЛДЕ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: