СОҢ КӨЛДЕ (SOŃ KÓLDE)
Бермес едим он көлге,
Көл ийеси мен болсам,
Көл сулыўы Соң көлде
Мен болсам да сен болсаң.
Таң атқанда оянсаң,
Көл суўына шомылсаң,
Аққуўдай боп тарансаң,
Қапталыңда мен болсам.
Қосықлар келсе дөреўге,
Қалсаң көлде түнеўге,
«Сүйемен» десең биреўге,
Сол биреўиң мен болсам.
Болот болсам жылқы айдар,
Тартып алсам Жантайдан.
Сулыўлықта халық айтар
Ақ мөр менен тең болсаң.
Төртеў қалсақ аўлақта:
Самал ессе таў жақтан,
Соң көл менен сол ўақта
Сен болсаң да мен болсам.
Соң көлдиң жаўған қарында,
Жаслығымның барында,
Қалар едим Нарында,
Егер жаным сен қалсаң...
1973-жыл.
Ақмөр – халық аўзында ертек болған сулыў қыз, жылқыман Болот – оның ашығы (И.Ю.)
Көл ийеси мен болсам,
Көл сулыўы Соң көлде
Мен болсам да сен болсаң.
Таң атқанда оянсаң,
Көл суўына шомылсаң,
Аққуўдай боп тарансаң,
Қапталыңда мен болсам.
Қосықлар келсе дөреўге,
Қалсаң көлде түнеўге,
«Сүйемен» десең биреўге,
Сол биреўиң мен болсам.
Болот болсам жылқы айдар,
Тартып алсам Жантайдан.
Сулыўлықта халық айтар
Ақ мөр менен тең болсаң.
Төртеў қалсақ аўлақта:
Самал ессе таў жақтан,
Соң көл менен сол ўақта
Сен болсаң да мен болсам.
Соң көлдиң жаўған қарында,
Жаслығымның барында,
Қалар едим Нарында,
Егер жаным сен қалсаң...
1973-жыл.
Ақмөр – халық аўзында ертек болған сулыў қыз, жылқыман Болот – оның ашығы (И.Ю.)
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АЛАРША
Алдынғы бөлимге қайтыў: СӘЎБЕТ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: